Әскерий хызметкерлер ушын көшпели қабыллаў өткерилди

2

Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, бос жумыс орынлары менен таныстырыў ҳәм жумысқа жайласыўында әмелий жәрдем бериў мақсетинде Арқа-батыс әскерий округинде Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Көшпели қабыллаў даўамында қатнасыўшылардың социаллық, ҳуқықый ҳәм экономикалық бағдардағы мүрәжатлары тыңланды. Соның ишинде, турақ жай мәселелери, бәнтлик, кредит ҳәм материаллық жәрдем, денсаўлықты сақлаў, перзентлердиң билим алыўы менен байланыслы машқалалар бойынша мүрәжатлар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Илажда әскерий хызметти өтеп болған ямаса хызмет жумысын алып барып атырған әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары ушын аймақтағы бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен жумысқа жайласыў тәртиби, зәрүр ҳүжжетлер ҳәм кәсипке қайта таярлаў имканиятлары бойынша түсиниклер алып барылды.

Нөкис әскерий прокуроры тәрепинен әскерий хызметкерлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Нызамбузыўшылық жағдайларының алдын алыў, мүрәжатлар менен ислесиўде әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилди.

Илажда бундай көшпели қабыллаўлар әскерий хызметкерлер менен тиккелей сөйлесиўди күшейтиў, олардың машқалаларына орнында шешим табыў және социаллық қорғаўды буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Жуўмағында мүрәжатлардың бир бөлеги орнында шешилди, қосымша үйрениў талап етилетуғын мәселелер болса қадағалаўға алынып, орынланыўы бойынша жуўапкер уйымларға жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги