“Миграциялық профилактика” айлығы шеңберинде илажлар әмелге асырылмақта

Өзбекстанда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, Президентимиздиң “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарары шеңберинде Өзбекстанда бир қатар жаңалықлар енгизилди.
“Мәҳәлле жетилиги” системасы күшейтилип, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда мәҳәлледеги жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери кеңнен тартылмақта. Сондай-ақ, мәҳәллелер, жәмийетлик орынлар ҳәм турақ жайларда қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде қәўипсизлик камералары, автоматластырылған мониторинг системалары ҳәм электрон хабар бериў механизмлери кеңнен енгизилмекте.
Усы қарардың орынланыўы шеңберинде республикамыз көлеминде “Миграциялық профилактика” айлығы жәрияланды. Айлық сырт елде ислеп атырған ҳәм ислеп қайтқан пуқаралардың социаллық бейимлесиўи ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған.


Айлық шеңберинде Елликқала районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен сырт елге шыққан ҳәм қайтып келген шахслар менен фильтр сораўлар өткерилмекте. Бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте олардың бәнтлигин тәмийинлеў, медициналық тексериўден өткериў, сондай-ақ, жат идеялар ҳәм унамсыз тәсирлерге түсип қалыўының алдын алыў мақсетинде мәнзилли профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги