Өзбекстан-АҚШ: нефть-газ тараўында халықаралық бирге ислесиў кеңейтиледи

Энергетика ҳәм нефть-газ тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәмлекетимиз экономикасы ушын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бул бағдарда “Өзбекнефтьгаз” АЖ тәрепинен жетекши сырт ел компаниялары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Жәмийет басқармасының баслығы Абдуғни Сангиновтың “Air Products” компаниясының Европа ҳәм Африка регионлары бойынша президенти Иво Болс пенен өткерген сөйлесиўи де усы мақсетлерге қаратылды.
Дәслеп тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты. Соң биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў процеси, сондай-ақ, нефть-газ тармағында бирге ислесиўди және де кеңейтиў имканиятлары додаланды. Әсиресе, онда тәбийғый газди терең қайта ислеў тараўында стратегиялық шерикликти раўажландырыў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылды.
Буннан тысқары, “Uzbekistan GTL” заводының турақлы ҳәм үзликсиз жумысын тәмийинлеў, технологиялық қоллап-қуўатлаў, өндирис үскенелериниң исенимли ислеўи ҳәм аўысық бөлеклерди өз ўақтында жеткерип бериўге байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Сөйлесиў жуўмағында тәреплер газди қайта ислеў тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан нефть-газ тармағында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған басқа да перспективалы жойбарлар бойынша стратегиялық бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин атап өтти.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА