“Санлы ҳүкимет ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў режелестирилген

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен комитеттиң 2025-жылғы жумысының жуўмақлары ҳәм усы жылдағы режелери бойынша ҒХҚ ўәкиллери ушын ашық сәўбет ҳәм пресс-тур шөлкемлестирилди.
Мәлим етилгениндей, комитет өткен жылдағы жумысы даўамында 11 нызам жойбарына жуўапкер болған, олардан 9 ы қабыл етилип, Олий Мажлис Сенатына жиберилген. 2 еўи екинши оқыў додалаўына таярланып атырғаны айтып өтилди.

Нызам дөретиўшилиги бағдарында комитеттиң бир топар депутатлары тәрепинен “Жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылып, Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилди. Бул нызамға усы жыл 21-январь күни Президентимиз тәрепинен қол қойылды.
Бул ҳүжжет жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўдың улыўма тийкарларын белгилеў ҳәм усы тараўда жүзеге келетуғын қатнасықларда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпалардан келип шығып, комитет тәрепинен киберкоррупция бағдарындағы қатнасықларды тәртипке салыўда ҳуқықый базаны беккемлеў мақсетинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине мәмлекетлик уйымлар жумысының санлы ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылды.
Комитет келешектеги жумысы даўамында мәмлекет басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында инновациялар ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыўды режелестирген.

Соның ишинде, нызамшылық процесслериниң жедел ҳәм сапалы болыўы, парламентлик қадағалаўдың нәтийжелилигин тәмийинлеў және пуқаралардың мүрәжатларын таллаўдың алдынғы усылларын енгизиў мақсетинде Нызамшылық палатасының жумысына, нызам дөретиўшилиги процесине жасалма интеллект технологияларын енгизиўди мақсет еткен.
Сондай-ақ, электрон хызметлерден пайдаланыўда пуқараларға қолайлықлар жаратыў, олардың қатнасын және де арттырыў, халықтың барлық қатламлары, соның ишинде, майыплар, кекселер ҳәм алыс аймақларда жасайтуғын пуқаралардың санлы имканиятлардан кеңирек пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Санлы ҳүкимет ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Муҳтарама Комилова, ӨзА