“Өзбекстан – 2030” стратегиясында бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар сәўлеленбекте

20

“Раўажланыў стратегиясы” орайында “Халықтың саламатлығын тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў системаларын жетилистириў: мақсет ҳәм ўазыйпалар” темасына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

“Раўажланыў стратегиясы” орайының директоры Элдор Туляков “Өзбекстан – 2030” стратегиясын жетилистириў, онда турақлы экономикалық өсиў, жаңаша билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў, қолайлы экологиялық шараятларды жаратыў мәселелеринде сөз етти. Халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў ҳәм басқа да көплеген тийкарғы бағдарлар бойынша жаңа нәтийжелилик көрсеткишлери белгилеп атырғаны бойынша мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, илаж даўамында министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарындағы тийисли бағдарлар бойынша ўазыйпалар ҳәм көрсеткишлер ҳаққында пикир билдирди.

Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Эльмира Баситханова медицина тараўында жаңа технологиялар ҳәм қуралларды енгизиў арқалы халықтың саламатлығын толық тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде бул системада келеси бес жыл ушын белгилеп алынып атырған илажлар ҳаққында айтты.

Соның ишинде, мәмлекетлик бюджеттен денсаўлықты сақлаў тараўына ажыратылатуғын қаржылардың үлесин 2030-жылға шекем ЖИӨниң 5 процентине жеткериў, қантлы диабет кеселлиги бар наўқасларды емлеў қамтып алыўын 100 процент тәмийинлеў, республикада гемодиализ орынлары менен наўқасларды толық қамтып алыў ҳәм орташа өмиршеңлигин он үш жылдан арттырыў, емлеў мәкемелерине поликлиниканың электрон жолламасы арқалы барған наўқаслардың үлесин 70 процентке жеткериў, барлық қәўипли өсимтелер анықланған наўқасларды емлеўди 100 процент қамтып алыў ҳәм медицина тараўында 20 жасалма интеллект жойбарын иске қосыў ўазыйпаларын таллап берди.

Соның менен бирге, Социаллық қорғаў миллий агентлиги басқарма баслығы Бекзод Раҳмонов тараўда әмелге асырылып атырған илажлар, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў бағдарындағы жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында айрықша билимлендириў мүтәжлиги болған балалардың инклюзив билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин 15 процентке арттырыў, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан жедел пайдаланыўға тартылған ҳаял-қызлардың санын ҳәр жылы 100 мыңға (жәми 500 мың) арттырыў сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Сондай-ақ, мәҳәллелерде 3 840 ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайларын шөлкемлестириў сыяқлы көрсеткишлер ҳаққында түсиндирип өтти.

Илаж даўамында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў “Нураний” қорының жуўапкерлери де мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм кекселерди социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, турмыс сапасын арттырыўдың әҳмийетине тоқтап өтти.

Соның менен бирге, социаллық жақтан ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў бағдарында алып барылып атырған системалы ҳәм нәтийжели жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында белгиленетуғын мәнзилли социаллық хызметлер көрсетиў, медициналық ҳәм психологиялық жәрдем бериў, бәнтликти тәмийинлеўге байланыслы мәселелерге тоқтап өтилди.

Баспасөз әнжуманының жуўмағында жуўапкерлер журналистлерди қызықтырған сораўларға толық жуўап берди.

А.РУСТАМОВ, ӨзА