Британиялы қәнигелер тартылған ҳалда руўхый саламатлық хызмети раўажландырылады

28

Денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худаяров ҳәм Уллы Британияның “International Hospitals Group” (IHG) компаниясының басшысы Честер Кинг арасында ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында ДСМ баспасөз хызмети мәлим етти.

Министрликте өткерилген сөйлесиўде руўхый саламатлық хызмети бағдарында “Халықаралық стандартларға тийкарланған амбулатор ҳәм стационар емлеў мәкемесин шөлкемлестириў” жойбарын әмелге асырыў, атап айтқанда, заманагөй “ақыллы емлеўхана” концепциясы, санлы басқарыў системаларын енгизиў, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм заманагөй менеджмент мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, “International Hospitals Group” Британияның жетекши халықаралық медициналық инфраструктура компаниясы есапланады.

Ол дүньяда руўхый саламатлық тараўында халықаралық стандартларға тийкарланған амбулатор ҳәм стационар клиникаларды жойбарластырыў және қурыў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе. Ҳәзирги ўақытта Жақын Шығыс мәмлекетлери, Қазақстан ҳәм және бир қатар мәмлекетлерде жедел жумыс алып бармақта.

Ушырасыўда компания басшысы Честер Кинг Ташкент қаласы ҳәм пайтахт ўәлаятында жайласқан психиатрия ҳәм наркология хызмети мәкемелерине барғанын атап өтип, Өзбекстанда руўхый саламатлық бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды унамлы баҳалады.

Додалаў даўамында елимизде бул бағдарда медициналық хызметлердиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў, халық ушын заманагөй ҳәм нәтийжели медициналық жәрдемди тәмийинлеў және британиялы қәнигелерди тартқан ҳалда руўхый саламатлық хызметин турақлы раўажландырыўға келисип алынды.

Сондай-ақ, компания басшысы бул бағдарда тек ғана мәмлекетлик медицина мекемелерин емес, ал мәмлекетлик емес медицина мәкемелери менен де бирге ислесиўге таяр екенин мәлим етти.

Моҳигул Қосимова, ӨзА