Жас экологлардың жумыслары додаланды

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми жанындағы “Жас экологлар” клубында кеңейтилген дөгерек сәўбети болып өтти.
Онда районлық ҳәм қалалық “Жас экологлар” клубының жетекшилери, Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм белсенди жаслар қатнасып, 2025-жылдың жуўмақлары ҳәм 2026-жыл – “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” шеңберинде әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Илажда 2025-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Атап өтилгениндей, 2025-жыл даўамында 205 үгит-нәсият илажы өткерилип, оған 6658 жас қамтып алынды. Сондай-ақ, 114 дөгерек сәўбетлесиўи, 50 экологиялық акция, 40 семинар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў акциялары, “Eko kvest- Нөкис-2025”, “Заковат” интеллектуаллық ойыны, “Таза аймақ” акциясы, “Экологиялық әдетлер турмысты өзгертеди” атамасында семинарлар ҳәм “Eco Case Nukus” экологиялық таңлаўы кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында өткерилгени атап өтилди.

Илажда “Жас эколог – мәҳәлле елшиси”, “Жасыл мәҳәлле”, “Таза аймақ” сыяқлы басламаларды системалы жолға қойыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги