Давоста Европаның ерк-ықрары: басымға қарсы бирлик сынағы

9

Соңғы күнлерде Дональд Трамптың Гренландияны өз қадағалаўына алыў ҳаққындағы билдириўлери Европа ҳәм АҚШ арасындағы қатнасықларды кескинлестирди. Бул мәселеде басым өткериў ушын Трамптың жоқары бажы ҳәм тарифлер енгизиў қәўпи болса Европа жетекшилерин ашық қарсылық позициясында бирлестирди.

Франция президенти Эммануэль Макрон Европа Аўқамы “күшлилер нызамы”на бойсынбайтуғынын қатаң атап өтти. Оның айтыўынша, аймақлық пүтинлик ҳәм халықаралық ҳуқық саўда басымы арқалы бузылмаўы керек. Жетекши АҚШқа қарсы арнаўлы экономикалық механизм — “Anti-koersiya” инструменти (Европа мәмлекетлерине сиясий басым өткерген мәмлекетлерге қарсы саўда ҳәм финанслық шеклеўлер қолланыў) н иске қосыў ҳаққында ойлап атырғанын айтып, буны “жүдә қәўетерли жағдай” деп баҳалады.

Европа Комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйен дүньядағы жедел ҳәм кескин өзгерислер Европаны еркинирек сиясат жүргизиўге ийтермелеп атырғанын мәлим етти. Ол Европа енди сыртқы басымларға бейимлесиў емес, ал өз мәплерин қорғаў жолын таңлаўы керек екенлигин айтты.

Бельгия бас министри Барт Де Вевер Европа “бурылыс ноқатында” турғанын айтып, Трампты тынышландырыўға урыныўлар нәтийже бермегенин тән алды. Оның пикиринше, егер өз ўақтында бирлеспесе, ҳәр бир мәмлекет өз алдына басым астында қалады.

Швеция бас министриниң орынбасары Эбба Буш болса Трамп пенен сөйлесиўде хошемет ислемейтуғынын ашық айтты. Ол Европа итималлы саўда жуўап илажларын алдыннан таярлап қойыўы зәрүрлигин атап өтти.

Соның менен бирге, Давоста қатнасып атырған айырым исбилерменлер ҳәм компания басшылары Европа жетекшилериниң жуўабын ҳәдден тыс дәрежеде сезгир деп баҳаламақта. Олардың пикиринше, Трамптың кескин усылына қарамастан, сөйлесиў жолы жабылмаўы керек.

Жағдайдың және бир қурамалы тәрепи – Украина мәселеси. Украина президенти Владимир Зеленский Давостағы ушырасыўларда қатнасыўға таяр екенин, бирақ бул тек ғана АҚШ тәрепинен анық қәўипсизлик кепилликлери ҳәм келиспеўшиликтен кейинги тиклениў режеси болса, мазмунлы болатуғынын билдирди.

Европа жетекшилери жақын күнлерде Брюссельде арнаўлы саммит өткерип, Қурама Штатлардың итималлы тарифлерине қандай жуўап бериў мәселесин додалайды. Гренландия әтирапындағы тартыс болса барған сайын саўда тартысынан кеңирек – Европаның сиясий ғәрезсизлиги ҳәм глобаллық орны ҳаққындағы мәселеге айланып бармақта.

Мусулмон Зиё, ӨзА