Көп қырлы талант ийеси 75 жасын белгилемекте

Буннан 55 жыл бурын миллий әдебиятымызға «Қассаптың түси» деп аталған туңғыш сатиралық гүрриңи менен кирип келген жас талант ийеси Муратбай Нызановты бүгин пүткил елимиз белгили жазыўшы, драматург ҳәм киносценарист сыпатында жақсы таныйды ҳәм ҳүрмет етеди.
Ол дөретиўшилик жумысы даўамында 70 тен аслам китаплар жазған болып, өз шығармалары арқалы миллий әдебият ҳәм мәденияттың раўажланыўына салмақлы үлес қосып келмекте. Сатира жанрын тереңнен меңгерип алған жазыўшының «Усындай да болады», «Күлким келеди», «Нышана», «Сизге болмайды», «Адам күлдиргени ушын», «Жат журттағы жети күн», «Ырасын айтсаң урады», «Адам жаманласаң зейниң ашылады», «Еки қанхор», «Ғәзийне», «Жақында қызық болады», «Ақшагүл», «Ақырет уйқысы», «Душпан», «Тутқын», «Ашық болмаған ким бар», «Еки үйректиң тоғыз бөтекеси» сыяқлы гүрриңлер, повестьлер, романлары басылып шығады. Жазыўшының қәлеминен дөретилген сатиралық гүрриңлеринде күнделикли турмысымызда жийи ушырасатуғын унамсыз ҳәм күлкили ҳәдийселер қызықлы сүўретленеди. Муратбай Нызанов поэзия жанрында да қәлемин сынап көрип, 2012-жылы «Сен ҳәм мен» атлы қосықлар топламын бастырып шығарды.
1980-жыллардан баслап оның дөретпелери туўысқан тиллерде, атап айтқанда, өзбек, қазақ, татар, ноғай тиллеринде басылып шықты.
«Еки дүньяның әўереси», «Өлимнен уят күшли» комедиялары менен «Зийўар» музыкалы драмасы театрларымыз сахнасында тамашагөйлерге инам етилди.
Муратбай Нызанов 2003-2013-жылларда қарақалпақ киносына басшылық етип, 10 жыл ишинде 8 көркем фильм, 10 балалар ушын юморлық журнал, 4 анимациялық фильм ҳәм бир қатар ҳүжжетли фильмлер жаратты. Өзбекстан телевидениеси арқалы берилген юморлық видеофильмлери ҳәм телеминиатюралары, «Өзбекстан» радиоканалы арқалы еситтирилген сатиралық гүрриңлери, журналларындағы миниатюралары оны мәмлекетимиз бойлап кең танытты.
«Өзбекфильм» ҳәм «Қарақалпақфильм» киностудиялары тәрепинен 2002-жылы киносценарист Муратбай Нызанов авторлығында «Танка» комедиясы сүўретке алынды ҳәм ол өзбек тилине дубляж исленди. Ол соңғы жыллары киносценарист-жазыўшы сыпатында «Танк», «Уры», «Курорт», «Қайсар», «Меҳригия-мәргия», «Қорған», «Зийўар» ҳәм «Әжинияз» сыяқлы кинофильмлери менен кең жәмийетшиликке танылды. Бул фильмлер тамашагөйлердиң жақсы көрип тамашалайтуғын фильмине айланды.
Муратбай Нызановтың усындай пидайы хызметлери республика ҳүкимети тәрепинен инабатқа алынып, ол «Дўстлик» ордени, «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» ҳәм «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды.
Халқымыздың сүйикли перзенти болған ол быйыл 75 жасқа толып, оның юбилейи республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте.
Әсиресе, бул қутлы сәне жазыўшы туўылып камалға келген Кегейли районында салтанатлы жағдайда белгиленди.
Әдебий-дөретиўшилик кешеге район басшылары, белсендилери, жазыўшының дослары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов қатнасып, юбилиярды қызғын қутлықлап, жазыўшының алдағы дөретиўшилигине жаңадан-жаңа табыслар тиледи ҳәм район ҳәкимлигиниң естелик саўғасын тапсырды.
Сондай-ақ, кешеде шығып сөйлегенлер Муратбай Нызановтың бай дөретиўшилик мийрасы ҳәм мазмунлы өмир жолы ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.
Өткерилген салтанатлы илажда Муратбай Нызанов шығып сөйлеп, бундай салтанатлы кешени шөлкемлестиргени ушын республика ҳүкимети, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ҳәм район басшыларына үлкен рахмет айтып, өзи оқыған 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 10 томнан ибарат китапларын саўға етти.

Илаж районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен қызықлы даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы