Мүрәжатлар көрип шығылып, тийисли илажлар белгиленди

Жуўапкер басшылардың пуқараларды қабыллаў илажларын шөлкемлестирип, олардың машқалаларын тыңлаўы ҳәм шешимин излеўи орынлардағы бар машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды нәтийжели шешиўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова өзиниң гезектеги жеке қабыллаўын өткерди.
Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен социаллық тараў, бәнтлик, турақ жай, коммуналлық хызметлер, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Ҳәр бир мүрәжат жуўапкерлердиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме көрип шығылып, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар белгиленди.



Айырым мәселелер орнында унамлы шешилген болса, қосымша үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер шөлкемлерге анық тапсырмалар берилди ҳәм олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги