“Әмир Темур избасарлары” таңлаўының екинши басқышы болып өтти

16

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлерине қараслы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан әскерий бөлимлерде өз хызметин алып барып атырған әскерий хызметкерлер арасында “Әмир Темур избасарлары” таңлаўының екинши басқышы болып өтти.

Дәслепки басқыш билим сынақлары болып, онда “Темур түзиклери”, Әмир Темурдың өмири бойынша тест сораўлары ҳәм аўызеки сораў-жуўаплар болды. Кейинги шәртте әскерлер Әмир Темур ҳаққында мағлыўматлар бериўши баянат жасады. Онда әскерий хызметкер өз пикирин анық, қысқа ҳәм тәсиршең жеткериўи керек болды. Бул басқышта қатнасыўшылардың таллаў қәбилети, адамларды изинен ерте алыў шеберлиги баҳаланды. Үшинши шәрт шаққанлық ҳәм анықлық сынақлары болып, бул шәртте оқ жайдан оқ атыў, пышақ ылақтырыў бойынша өз-ара беллести. Төртинши шәрт ат спорты.

– Мине бүгин Саҳыпқыран Әмир Темурдың туўылған күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер арасында спорт ҳәм интеллектуаллық билимлер бойынша “Әмир Темур избасарлары” таңлаўы болып өтти. Таңлаўда әскерлер өзлериниң интеллектуаллық билимлери ҳәм спорт көнликпелери менен бир қатар шәртлер бойынша беллести. Таңлаў қызғын пикир-таласларға бай болып өтти, – дейди таңлаўда қатнасқан әскерий хызметкер О.Шукуров.

Таңлаў жуўмақланып, сыйлы биринши орынды ийелеген жеңимпаз жарыстың Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги