Халықтың усыныслары ашық сөйлесиўде көрип шығылды

17

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын жетилистириўден мақсет оны халықшыл стратегияға айландырыў болып табылады. Сонлықтан оның жойбары regulation.gov.uz ҳәм uzbekistan2030.uz веб-сайтларында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Мәмлекетимиз келешегин белгилейтуғын бул ҳүжжетке ҳәзирги ўақытқа шекем ўатанласларымыздан 3 мыңға шамалас пикир ҳәм усыныслар келип түсти. Олар Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги, “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм басқа да аналитикалық структуралар тәрепинен турақлы үйренип барылмақта. Мәмлекетимиз басшысының халық пенен пикирлесиў сиясатына муўапық, жойбар бойынша усыныс жоллаған пуқаралар менен дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте.

Гезектеги усындай илаж Стратегияда орын алған экономикалық-социаллық нәтийжелилик көрсеткишлери бойынша өткерилди. Усыныс жоллаған пуқаралар мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери менен тиккелей сөйлесип, өз усынысларының мазмунын еркин билдирди. Аймақларда жасайтуғын пуқаралардың пикирлери видеобайланыс арқалы тыңланды.

Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги директорының биринши орынбасары А.Абдукадиров, “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Э.Туляков ҳәм экономикалық изертлеў орайларының экспертлери усынысларды өз-ара додалап, қызғын пикир алысты.

Соның ишинде, экономика, исбилерменлик, экспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, жоқары билимлендириў, халықтың бәнтлиги мәселелери дыққат орайында болды.

Халықтың тийкарланған усыныслары “Өзбекстан – 2030” стратегиясының нәтийжелилик көрсеткишлерин анықластырыў ҳәм толықтырыўда инабатқа алыныўы атап өтилди.

Жәмийетлик додалаў даўам етпекте. Онда белсене қатнасың, Стратегия жойбарына усынысларыңызды жибериң.

ӨзА