Фермерлер алдынғы тәжирийбелер менен таныстырылды

Дийқан ҳәм фермер хожалықларының нәтийжели жумыс алып барыўы ушын турақлы түрде тийисли қәнигелердиң қатнасыўында өткерилип атырған оқыў-семинарлары, көргизбелер аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўындағы реформаларды тереңлестириў және фермер хожалықларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-ноябрьдеги арнаўлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл 20-21-январь күнлери Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында “Аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўында заманагөй агротехнологияларды қолланыў, ветеринария хызметлеринен пайдаланыўдың әҳмийети ҳәм экономикалық нәтийжеси” атамасында фермер хожалықлары басшылары ҳәм қәнигелери ушын гезектеги оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Бул оқыў-семинар фермер хожалықларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, аўыл хожалығы өндирисине алдынғы агротехнологияларды кеңнен енгизиў, шарўашылықта ветеринария хызметлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыўға қаратылды.
Семинардың биринши күнинде Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районларындағы фермер хожалықларының, ал, екинши күни Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районлары фермер хожалықларының ўәкиллери қатнасты.
Оқыў-семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаров, район ҳәкимлериниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары басшылығында өткерилип, онда қатнасыўшыларға аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде заманагөй агротехнологияларды қолланыў, ресурсларды үнемлейтуғын суўғарыў усыллары, шарўашылықта нәтийжели басқарыў, ветеринария хызметлеринен пайдаланыўдың экономикалық әҳмийети, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў мәселелери бойынша толық түсиниклер берилди.
Атап өтилгениндей, алдыңғы тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиў арқалы аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми ҳәм сапасы артады, фермер хожалықларының экономикалық турақлылығы беккемленеди.
Семинарда тараў қәнигелери тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, фермерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги