Студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында сораўнама өткерилмекте

10

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 5-майдағы “Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер арасында улыўмамиллий сораўнамасы шөлкемлестирилди.

Бул сораўнама студентлердиң билимлендириў процесиниң сапасы, оқытыў методикасы, профессор-оқытыўшылардың кәсиплик потенциалы, оқыў-методикалық тәмийинлениўи, санлы билимлендириў ресурсларынан пайдаланыў дәрежеси, баҳалаў системасы, сондай-ақ, университетте жаратылған шараятлар бойынша пикир ҳәм усынысларын үйрениўге қаратылды. Сораўнама процеси ашық-айдынлық ҳәм қалыслық принциплери тийкарында шөлкемлестирилип, онда университеттиң барлық факультет ҳәм бағдарларында билим алып атырған студентлер белсене қатнасты. Атап айтқанда, студент-жаслар ҳәм профессор оқытыўшылар өзлериниң пикирлерин еркин билдирип, билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў бойынша әҳмийетли усынысларын ортаға таслады.

– Сораўнама нәтийжелери билимлендириў процесин студентлердиң мүтәжликлери ҳәм заманагөй мийнет базары талапларына бейимлестириў, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын жетилистириў, профессор-оқытыўшылардың жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм билимлендириў хызметлериниң сапасын арттырыўда әҳмийетли дерек болып хызмет етеди, – дейди Нөкис мәмлекетлик техника университети билимлендириў сапасын тәмийинлеў бөлиминиң баслығы, доцент Аймурза Алламбергенов. – Атап өтиў орынлы, улыўмамиллий сораўнама билимлендириў системасында студенттиң пикирин тийкарғы әҳмийетке ийе норма сыпатында тән алыў, олардың билимлендириў процесиндеги қатнасын күшейтиў ҳәм жоқары оқыў орынларының жумысын турақлы түрде жетилистирип барыўға хызмет етеди.

Бундай сораўнамалар республикамыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен тысқары, Әжинияз атындағы НМПИ, Қарақалпақстан медицина институты, Нөкис мәмлекетлик техника университети, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Инновациялық технологиялар университетлеринде өткериледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы