Қытай ҳәм Орайлық Азия саўдасы 106 миллиард доллардан асты

16

2025-жылдың жуўмақларына бола, Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы товар алмасыў көлеми 106,3 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 12 процентке өскен.

Бул ҳаққында Қытай Халық Республикасы Саўда министрлиги мәлим етти.

Министрликтиң билдириўине бола, тарийхта биринши мәрте Қытай ҳәм Орайлық Азия арасындағы өз-ара саўда көлеми 100 миллиард доллардан артты. Соның менен бирге, товар алмасыў соңғы бес жыл даўамында турақлы өсиў пәтлерин көрсетпекте.

Атап өтилиўинше, өткен жылы Қытай Орайлық Азия мәмлекетлери ушын ең ири саўда шеригине айланған. Қытайдың регион мәмлекетлерине экспорты 71,2 миллиард долларға жетти ҳәм бул жыллық есапта 11 процентке өсти. Экспорт көлеминиң артыўы тийкарынан электромеханикалық өнимлер ҳәм жоқары технологиялы товарлар жеткерип бериўдиң көбейиўи менен байланыслы.

Орайлық Азия мәмлекетлеринен Қытайға импорт көлеми болса 35,1 миллиард долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда 14 процентке артты.

Сондай-ақ, Қытай ҳәм Орайлық Азия арасындағы трансшегаралық электрон коммерция жедел раўажланып бармақта. Логистика ҳәм қоймахана инфраструктурасын кеңейтиў, сондай-ақ, трансшегаралық төлемлер тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў жумыслары даўам етпекте.

Бул процесслерде Өзбекстан да әҳмийетли орын ийелейди. Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы саўда-экономикалық байланыслар жедел раўажланып, санаат кооперациясы, транспорт-логистика, аўыл хожалығы ҳәм санлы экономика тараўларында бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул болса Өзбекстанның регионаллық саўда системасындағы ролин және де беккемлемекте.

“Бир мәкан, бир жол” басламасы шеңбериндеги бирге ислесиў избе-из раўажланып, өз-ара байланыслылықты күшейтиў, үскенелер ислеп шығарыў, экологиялық таза ресурслар ҳәм заманагөй аўыл хожалығы тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етпекте. Бул болса регион мәмлекетлериниң санаатты модернизациялаў ҳәм экономикалық өсиўин қоллап-қуўатламақта.

Қытай Саўда министрлиги келешекте саўда структурасын оптималластырыў, жаңа бизнес түрлерин раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги институционаллық бирге ислесиў механизмлерин жаратыўға жәрдемлесиўди даўам еттиретуғынын мәлим еткен.

Нилуфар БОЗОРОВА, ӨзАның хабаршысы