2030-жылға шекем балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен қамтылыўы 80 процентке жеткериледи

Елимизде тәлим-тәрбия системасын түпкиликли раўажландырыўға, жас әўладты потенциаллы етип тәрбиялаўға, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Кейинги 7-8 жыл даўамында бул бағдарда әҳмийетли нәтийжелерге ерисилмекте. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў тараўында төрт мыңға шамалас мәмлекетлик бақша имаратлары реконструкцияланды ҳәм жаңадан қурылды. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 27 проценттен 77 процентке артты.
Системада жеке меншик сектордың үлесин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған ҳәрекетлердиң нәтийжесинде мәмлекетлик емес бақшалардың саны 8 есеге көбейди. Балалар бақшаларында тәлим-тәрбияның сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Усы жерде жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында да 2030-жылға шекемги мүддетте мектепке шекемги билимлендириў системасына байланыслы бир қатар тийкарғы мақсет-ўазыйпалар белгиленгенин айтыў керек.

Соның ишинде, балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2026-жылы 78 процент, 2027-жылы 78,5 процент, 2028-жылы 79 процент, 2029-жылы 79,5 процент, 2030-жылы болса 80 процентке жеткериў режеси қойылған.
Сондай-ақ, 2030-жылға шекем балаларды мектепке таярлаў топарлары менен 100 процент қамтып алыў нәзерде тутылмақта. Итибарлы тәрепи, бул мақсетлер ушын Мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанс институтлары, жеке меншик сектор, қәўендерлик ҳәм грант қаржыларын тартыў белгиленген.
Усы күнлерде және де байытылып атырған стратегия жойбарында өз көринисин таўып атырған бул мақсет-ўазыйпалар өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, оларды заманагөй тәлим-тәрбия процеси менен қамтып алыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Еслетип өтемиз, 2026-2030-жылларға мөлшерленген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарының жәмиетлик додалаўы даўам етпекте.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА