Инвестиция, экспорт ҳәм исеним: Жаңа Өзбекстанның экономикалық өсиўиниң тийкары

12

Мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында аталған санлар бир қарағанда әпиўайы статистика сыяқлы көриниўи мүмкин. Бирақ, олардың артында Жаңа Өзбекстанның реал көриниси – жаңа жумыс орынлары, жаңа кәрханалар, кеңейип атырған экспорт, беккемленип атырған исеним ҳәм адамлар турмысында сезилип атырған анық өзгерислерди көриўимиз мүмкин. Бул санлар экономикамыздың бүгинги дәрежесин емес, ал халқымыз қандай үлкен жумысларды орынлаўға уқыплы екенин көрсетпекте.

Бүгинги күнде жалпы ишки өнимимиз биринши мәрте 145 миллиард доллардан асты. Экспорт 23 процентке өсип, 33,4 миллиард долларға жетти. Алтын-валюта резервлери 60 миллиард доллардан асты. Сырт ел инвестицияларының көлеми болса 43,1 миллиард долларға жетти. Бул тек ғана “үлкен санлар” емес, ал мәмлекетимиздиң экономикалық сиясаты дурыс жолдан баратырғанын көрсететуғын анық дәлиллер болып есапланады.

Сыр емес, ҳәзир пүткил дүньяда жағдай аўыр. Транспорт жоллары үзилмекте, шийки зат қымбатламақта. Усындай шараятта да экономиканың турақлы өсип атырғаны, базар реформалары, энергетикадағы түпкиликли бурылыс ең үлкен нәтийжемиз болып есапланады.

Көпшилик ушын суверен рейтингтиң “ВВ-“дан “ВВ” қәддине көтерилгени әпиўайы жаңалық сыпатында көриниўи мүмкин. Негизинде, бул жүдә үлкен жетискенлик. Себеби, бул өзгерис себепли сырттан алынатуғын қаржылар арзанласады. Процент ставкалары 1-1,5 пунктке төменлейди. Нәтийжеде, сыртқы қарыз қәрежетлери жылына кеминде 300 миллион долларға азаяды. Бул – көбирек мектеп, көбирек жол, көбирек емлеўхана, көбирек санаат жойбары ушын имканият пайда болады дегени.

Және бир әҳмийетли көрсеткиш: Жәҳән банкиниң технологиялық жетиклик индексинде Өзбекстан 71 текше жоқарылап, дүньяның топ-10 мәмлекетлериниң қатарына кирди. Бүгин мәмлекетлик хызметлер санластырылмақта, руқсатнамалар әпиўайыластырылмақта, бюрократия азаймақта. Инвесторлар әне усыған қарайды: “Бул жерде жумыс баслаў аңсат па? Қағыйдалар түсиникли ме? Нызам ислей ме?” Мине, усы сораўларға унамлы жуўаплар көбейгени сайын инвестиция ағымы да артпақта.

Энергетика тараўындағы өзгерислерди де айрықша атап өтсек, электр ислеп шығарыўдың көлеми 85 миллиард киловатт-саатқа жетти. Бул жүдә әҳмийетли. Себеби, электр болмаса, завод ислемейди. Завод ислемесе, өним болмайды. Өним болмаса, экспорт та болмайды. Демек, бүгинги энергетиканың жетискенликлери ертеңги инвестиция ҳәм экспорттың тийкары болып есапланады.

Экспортымыз 33,4 миллиард долларға жетти. Бирақ, буннан да әҳмийетли сораў бар: биз нени экспорт етип атырмыз? Тек шийки затты емес, ал қайта исленген, қосымша қуны жоқары өнимлерди де көбейтип атырмыз ба? Келеси басқышта әне усы мәселе шешиўши болады. Себеби, жоқары қосымша қунлы өним – бул көбирек дәрамат, көбирек жумыс орны ҳәм турақлы экономика дегени.

Мүрәжатта сыртқы сиясат мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Барлық мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы, дослық ҳәм ашық бирге ислесиў жолы таңланған. Россия, Қытай, АҚШ, Түркия, Европа мәмлекетлери, Қубла Корея, Япония, Жақын шығыс мәмлекетлери менен саўда-экономикалық байланыслар кеңеймекте. Бул болса, бир ямаса еки базарға ғәрезли болып қалмаў, экономикалық қәўип-қәтерлерди сапластырыў имканиятын береди.

Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў мәселеси де тиккелей экспорт пенен байланыслы. Бул өнимниң сапасы, саўда қағыйдалары, техникалық стандартлар ҳәм глобаллық базарларға ашық есик дегени. Демек, келеси жылларда экспортымыз тек ғана көлем жағынан емес, ал сапа жағынан да жаңа басқышқа шығыўы керек.

Депутат сыпатында мен мынадай жуўмаққа келдим: “Бизге жоқары технология алып келетуғын, жергиликли кадрларды таярлайтуғын, экспортқа жарамлы өним ислеп шығаратуғын жойбарлар керек. Сонда ғана бүгинги санлар ертең халықтың абаданлығына айланады”.

Бүгинги нәтийжелер қуўанышлы. Бирақ ертеңги нәтийжелер ашық-айдынлық, ҳадаллық ҳәм нызам үстинлигине байланыслы. Инвесторлар бәринен бурын әдилликке исенеди. Егер қағыйдалар ҳәммеге бирдей ислесе, егер суд бийғәрез болса, егер коррупция азайып барса, инвестиция да, экспорт та турақлы болады.

Сыртқы экономика дегени тек ғана саўда ямаса миллиардлап доллар емес. Бул – әпиўайы адамның өмири. Бул жаңа жумыс орны, турақлы мийнет ҳақы, сапалы жол, жақты үй, мол дастурхан дегени. Қаншелли көп инвестиция болса, қаншелли күшли экспорт болса, адамлар турмысында да соншелли унамлы өзгерис болады.

Соның менен бирге, инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша институционаллық реформалар да тереңлеспекте. Жер ажыратыў, руқсатнама бериў, қурылыс ҳәм экспорт-импорт процесслерин санластырыў арқалы исбилерменлер ушын ҳәкимшилик тосқынлықлар сезилерли дәрежеде азайды. Суд-ҳуқық системасында экономикалық келиспеўшиликлерди шешиў механизмлериниң жетилистирилиўи, халықаралық арбитраж стандартларына жақынласыў да инвесторлар ушын қосымша кепиллик жаратпақта. Бул процесслер инвестициялардың тек ғана көлемин емес, ал сапасын да арттырыўға хызмет етип атырған әҳмийетли факторлардан бири болып есапланады.

Және бир әҳмийетли бағдар – регионаллық экономикалық интеграцияның күшейип атырғаны болып есапланады. Қоңсы мәмлекетлер менен шегара алды саўдасы, қоспа логистика орайлары, трансшегаралық инфраструктура жойбарлары сыртқы экономикалық жумыстың жаңа басқышын белгилеп бермекте. Бул тек ғана экспортты арзанластырып қоймастан, ал жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын сыртқы базарларға шығыўды да аңсатластырады. Нәтийжеде, сыртқы экономика енди тек орайлық дәрежеде емес, ал аймақлар кесиминде де раўажлана баслады. Бул болса мәмлекеттиң экономикалық өсиўиниң және де инклюзив болыўына хызмет етеди.

Усы мәниде айтқанда, Мүрәжатта келтирилген санлар Жаңа Өзбекстанның тек ғана бүгинги экономикалық жағдайын емес, ал оның ертеңги раўажланыў жолын, стратегиялық имканиятларын ҳәм узақ мүддетли потенциалын да айқын көрсетпекте.

Енди болса алдымызда және де жуўапкершиликли басқыш тур. Бул жолдан артқа қайтпай, инвестициялардың сапасын арттырыў, яғный жоқары технологиялы, экспортқа қолайлы ҳәм жергиликли кадрлар потенциалын жоқарылатыўға хызмет ететуғын жойбарларға үстинлик бериўимиз керек. Тек ғана усы жол менен биз бүгинги жетискенликлерди ертеңги турақлы раўажланыўға, санлардағы өсиўди болса халықтың абаданлығына айландыра аламыз.

Ҳүрмет Жоллыбеков,

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги