Елликқала районында социаллық тараў бағдарындағы жумыслар үйренилди

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, баслық орынбасары Р.Рахимов, басқарма сектор баслығы Б.Айымбетов , районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайының директоры Б.Алимов, сондай-ақ, бөлимниң Елликқала районы хызметкерлери ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасыўында усы тараў бойынша исленген жумыслар үйренилди.
Илаж даўамында 2025-жылы халықты социаллық қорғаў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2026-жылға режелестирилген тийкарғы ўазыйпалар менен таныстырылды. Соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген “Күндизги тәрбия” хызмети, кәмбағал шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған тигиўшилик жойбарлары, мәҳәллелерде жолға қойылған исбилерменлик ҳәм социаллық хызметлердиң нәтийжелилиги үйренилди.

Жуўапкерлер социаллық қорғаўға мүтәж болған халықты қоллап-қуўатлаў, олардың турақлы дәрамат дерегине ийе болыўы ҳәм мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеўге қаратылған басқа да илажлар ҳаққында түсиник берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги