Өзбекстан ҳәм Түркия: қәўипсизлик ҳәм ҳуқық қорғаў тараўындағы стратегиялық бирге ислесиў жаңа басқышқа шықпақта

11

Өзбекстан Республикасы делегациясы тәрепинен кең көлемли стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў мәселесинде Түркия Республикасына жумыс сапары әмелге асырылды.

Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги басшылығында мәмлекетимиз ҳуқық қорғаў уйымларының басшыларынан ибарат делегация қатнасты.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы делегациясын Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған қабыл етти.

Өзбекстан ҳәм Түркия сыртқы ислер, ишки ислер ҳәм қорғаныў министрлери және қәўипсизлик хызметлери басшыларының қатнасыўында “4+4” механизми шеңберинде ушырасыў өткерилди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың ең әҳмийетли темалары, регионаллық мәселелер ҳәм глобаллық процесслер, сондай-ақ, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлықты беккем қәўипсизлик тийкарында тәмийинлеўге қаратылған ең нәтийжели бирге ислесиў жоллары додаланды.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Ташпўлатов ҳәм Түркия Республикасы Ишки ислер министри мырза Али Ерликая арасында еки тәреплеме ушырасыў шөлкемлестирилди.

Тәреплер трансмиллий жынаятларға қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жедел ҳәм нәтийжели мәлимлеме алмасыў, миграция мәселелери, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй усылларды енгизиў бағдарындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескенин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик потенциалын арттырыў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелеринде системалы бирге ислесиў жолға қойылғаны атап өтилди.

Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелери кеңнен додаланды. Тәреплер санлы қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели илажлар көриў, кибержынаятларды ашыўда алдынғы технологиялардан пайдаланыў, санлы криминалистика бағдарында арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм бул тараўда турақлы тәжирийбе алмасып барыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Соның менен бирге, терроризм ҳәм экстремизм, нызамсыз миграция, адам саўдасы, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы сыяқлы халықаралық көлемдеги жынаятларға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди және де күшейтиў мәселелери де додалаў орайында болды.

Өзбекстан Ишки ислер министрлиги қурамында жаңадан шөлкемлестирилген Криминология изертлеў институты менен Түркия Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Жандармериясы жанындағы илимий-изертлеў орайлары арасында бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында миграция процесслерин тәртипке салыў, пуқаралардың өз мәмлекетлерине қайтыўына жәрдемлесиў ҳәм бул бағдарда өз-ара муўапықластырылған илажларды әмелге асырыў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Дослық, ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткен бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, ишки ислер уйымлары арасында өз-ара исенимди беккемлеў және қәўипсизлик тараўындағы биргеликтеги ҳәрекетлерди және де нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

ӨзА