Енди банк қосымшаларына басқа картаны жалғап болмайды

Кредит ҳәм төлем шөлкемлери, сондай-ақ, төлем системасы операторлары тәрепинен физикалық тәреплерге аралықтан қаржы хызметлерин көрсетиўде мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған жаңа талаплар енгизилди.
Оған бола, мобиль қосымшада дизимнен өткен пайдаланыўшының аккаунтына тек ғана өзи ямаса жақын туўысқанларына тийисли болған банк есабы, банк картасы ҳәм электрон ҳәмиянларды бириктириў ҳәм усы аккаунт арқалы P2P өткермелерди әмелге асырыў мүмкин.
Сондай-ақ, пайдаланыўшының телефон номери ҳәм ЖШШИР сәйкеслиги тексериледи. Егер сәйкеслик анықланбаса, мобиль қосымшада дизимнен өтиў ҳәм банк картасын бириктириўге жол қойылмайды.
Кредит ҳәм төлем шөлкемлери пайдаланыўшыларды биометрикалық идентификациялаўдан өткериўде турмыслық факторларды анықлаўы шәрт. Яғный, сүўрет арқалы идентификациялаўға руқсат берилмейди.
Буннан тысқары, телефонға жиберилген бир мәртелик СМС-код 3 мәрте надурыс киргизилсе, пайдаланыўшының мобиль қосымшадағы ҳәрекетлери 15 минутқа ўақтынша шекленеди.
Мобиль қосымшадағы есапқа басқа қурылмадан кириў ямаса парольди қайта тиклеў жағдайында, есапқа байланыслы барлық банк карталары автоматикалық түрде мобиль қосымшадан шығарып тасланады ҳәм усы қурылмадағы финанслық операциялар тарийхы өшириледи.
Атап өтилиўинше, банк карталарын қайта бириктириў мәжбүрий биометрикалық идентификациядан өткен ҳалда әмелге асырылады.
Алдынырақ онлайн кредит алдаўшылығы қурбанларынан қарыз өндириў тоқтатылатуғыны хабар етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги