“Ҳудудгаз Қарақалпақстан”: халықтың газге болған талабы қанаатландырылмақта

Ҳәзирги қыстың аязлы күнлеринде турақ жайлардағы жылытыў системалары толық ислеп турыўы ушын халықтың газге болған талабы артпақта.
Республикамыздағы қалалық ҳәм районлық газ тәмийнаты бѳлимлери тәрепинен бүгинги күнде жәми 390211 жеке хожалық толық түрде тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ бенен тәмийинленген. Соннан, 290001 жеке хожалық (74,3%) тәбийғый, 100210 жеке хожалық (25,7%) суйылттырылған газ бенен тәмийинленген.
Буннан басқа, республикамыз бойынша тәбийғый газ бенен тәмийинленген жәми 6021 көтере тутыныўшы бар. Соның ишинде, 138 и өндирислик кәрхана, 133 и автомобильлерге газ толтырыў компрессорлық станциялары (АГТКС), 849 ы халыққа хызмет көрсетиў мәкемелери (бюджетлик мәкемелер) ҳәм 4901 и жеке тәртиптеги исбилерменлер болып есапланады.
“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы Эксплуатация бөлиминиң баслығы Артықбай Жиемуратов пенен сәўбетлесип, халықтың газге болған талабын қанаатландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
- Дәслеп, ҳәрекеттеги газ тармақлары, газди бөлистириў пунктлери туўралы мағлыўмат берсеңиз.
- Соңғы жылларда халқымызды газ бенен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, газ тармақларын модернизациялаў, тутыныўшылардың машқалаларын сапластырыў, бар инфраструктураны оңлаў, сондай-ақ, энергияны үнемлеў ҳәм газ ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды арттырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қарарларға тийкарланып бул илажлар газ тәмийнатында үзилислер ҳәм насазлықларды азайтыўға, халық ҳәм кәрханалардың үзликсиз газ алыўға болған талабын қанаатландырыўға қаратылған.
Атап айтқанда, инфраструктураны модернизациялаўда гөнерген газ қубырларын алмастырыў, жаңа магистраль ҳәм бөлистириў тармақларын қурыў, газ бөлистириў станцияларын модернизациялаў, технологиялық жаңаланыўда газ басымын қадағалаў ҳәм басқарыўдың автоматикалық системаларын енгизиў, басымды көтериўде газ басымы төмен түсетуғын аймақларда насос станцияларын орнатыў ҳәм газ басымын көтериў илажлары көрилмекте. Машқалалы орынлар анықланып, қәнигелер тәрепинен оператив оңлаў жумысларын алып барылмақта. Есаплағышларды орнатыў ҳәм қадағалаў жумыслары да усыған киреди. Бул жумыслар тутыныўшылардың газ тәмийнатынан қанаатланыўшылығын арттырыўға ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Бүгинги күнде республикамызда ҳәрекет етип турған жәми 9 847,7 километрлик газ тармақлары бар. Соннан 605,6 километрлик бөлеги жоқары, 3739,1 километрлик бөлеги орта ҳәм 5503,0 километрлик бөлеги төмен басымлы газ тармақлары болып есапланады. Газ тармақларының 885,4 километрлик бөлеги жер астында, ал 8962,3 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан.
Сондай-ақ, ҳәрекетте жәми 3452 дана газ бөлистириў пункти (ГБП) бар. Соннан
268 и жоқары, 3184 и орта басымлы ҳәм 215 и газ тармақлары шириўиниң алдын алыўшы электро-химиялық қорғаўшы (ЭХҚ) үскенелер менен ислеп турыпты.
Ҳәрекеттеги жәми 9 847,7 километрлик газ тармақларыныӊ 387,8 километрлик бөлеги 10 жылға шекемги, 1475,3 километрлик бөлеги 10 жылдан 20 жылға шекемги, 7984,6 километрлик бөлеги 20 жылдан 30 жыл ҳәм оннан кѳп ўақыттан берли хызмет кѳрсетип келмекте. Буннан басқа жәми 3452 дана ГБПдан 195 данасы 10 жылға шекемги, 348 данасы 10 жылдан 20 жылға шекемги, 2909 данасы 20 жылдан 30 жыл ҳәм оннан кѳп ўақыттан берли хызмет кѳрсетип келмекте.
- Тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеўди жақсылаў ушын газ тармақларында оңлаў жумыслары қалай әмелге асырылмақта?
– Тәбийғый газ тутыныўшыларына қала ҳәм районлардағы 53 газ бөлистириў станциясы ҳәм 22 санаат коллекторы арқалы тәбийғый газ жеткерип бериледи.
“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалының қалалық ҳәм районлық газ тәмийнаты бөлимлеринде газ тармақларын 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша реже ислеп шығылып бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, газ тармақларын реконструкциялаў реже бойынша 67,6 километр етип белгиленип, бүгинги күнге шекем 69,2 километрлик бөлеги (102,6%) исленди.
2025-жылдың биринши мәўсиминде «Басламалы бюджет» тийкарында 19,3 километрлик газ тармақларында реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Буннан басқа, “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы өзиниң ишки имканиятларынан келип шығып, қала ҳәм районларда 90,1 километрлик газ тармақларында киши оңлаў жумысларын алып барды. Жәми 178.6 километрлик газ тармақларына оңлаў жумыслары алып барылды.
Реже бойынша 3568 дана газ бөлистириў пунктлерин (ГБП) тексериўден өткериў белгиленип, бул реже де толық орынланды. Жоқары басымлы газ бөлистириў пунктлерин (ГБП) ири оӊлаў режеси 25 дана етип белгиленип, толық орынланды.
Сондай-ақ, газ тармақларының шыдамлылығын ҳаўа басымы жәрдеминде тығызлыққа сынаў ҳәм тазалаў режеси (839,5 км) 102,8 процентке орынланды. Ал, жер асты газ тармақларының жағдайларын арнаўлы үскенелер жәрдеминде тексериў (прибор) режеси (899,2 км) 101,6 процентке орынланды. Ал, газ тармақларыныӊ эстетикалық кѳринисин жақсылаў (бояў) режеси 623,7 километр етип белгиленип, әмелде 656,9 километрлик (105,3%) газ тармақларын бояў жумыслар алып барылды. Нәтийжеде, республикамыздағы 42 пуқаралар жыйынында жасаўшы 43300 хожалықтыӊ тәбийғый газ бенен тәмийинлениўи жақсыланды.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-сентябрьдеги “Тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў жойбарын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-жылы реже тийкарында 26026 хожалық газ тәмийнатының 3 басқышлы системасынан 2 басқышлы системасына өткерилди. Нәтийжеде 519 ГБП қайта монтажланып 1868400 м3 тәбийғый газди технологиялық жоғалтыўлардың алды алынды. Бүгинги күнде бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
- Газ тармақлары жетип бармаған алыс елатлы пунктлерди суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў қалай әмелге асырылмақта?
– Бүгинги күнде халықтың суйылттырылған газге болған талабын қанаатландырыў ушын бар мүмкиншиликлер иске қосылып, жәми 100603 жеке хожалық ҳәм 124 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (бақша) суйылттырылған газ бенен тәмийинленбекте.
Суйылттырылған газ тутыныўшыларына 2025-жылдың басынан 176808 тонна газ фонды ажыратылған болып, газди қайта ислеўши заводлардан 17035 тонна тасып алынды. Жеке хожалықлардың өз талабына муӯапық 16427 тонна газ муғдары хожалықларға тарқатылды.
Республикамыздағы жеке хожалықларға суйылттырылған газди жеткерип бериў ушын айланба ҳәрекетте 147433 дана газ баллон ыдыслар бар.
Бүгинги күнге кәрхананың орайлық қоймаханасында 415, районлык газ аймақларының қоймаханаларында 2169, жәми 2584 газ баллон ыдыслары бар.
Республикамыздағы суйылттырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықлардың бәрине E-gaz онлайн программасынан ID карталар арқалы суйылттырылған газ жеткерип бериў жолға қойылған.
Филиалға қараслы бөлимлер арнаўлы газ баллонларды тасыўшы 27 дана Isuzu маркалы автотранспортқа ийе. Олар өз гезегинде районлар аймағында жайласкан алыс аўылларға суйылттырылған газ баллонларды жеткерип бермекте.
Суйылттырылған газлер газ толтырыӯ станциясына ҳәм газ қуйыӯ пунктлерине нефть ҳәм газди қайта ислеўши кәрханалардан 6 дана МАN маркалы арнаӯлы автоцистерналарда тасып келтирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары бойынша гүзги-қысқы мәӯсимде тутыныӯшыларға 8788 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериӯ белгиленген.
Суйылттырылған газ бенен өз ӯақтында тәмийинлеӯ мақсетинде газ толтырыӯ станциялары ҳәм пунктлери дислокация бойынша аймақларға бөлинген. Атап айтқанда, Шымбай газ толтырыӯ пункти Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларын суйылттырылған газ бенен тәмийинлейди, Қоңырат районында жайласқан газ толтырыӯ пункти Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларын тәмийинлейди. Ал, орайлық районларды Нөкис газ толтырыӯ станциясы, қубла районларды Әмиӯдәрья ҳәм Беруний районларында жайласқан газ толтырыӯ пунктлери тәмийинлейди.
Тутыныўшылардың газ баллонлардан қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалымызға тийисли газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунтклеринде газ баллонларды сынаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў лабораториялары жумыс ислеп турыпты.
Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги