Өзбекстан – Қытай: паралимпия ҳәм адаптив спорт тараўларында биргеликтеги илажлар өткериў бойынша келисимге ерисилди

10

Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылығы Қытай Халық Республикасына хызмет сапары шеңберинде Қытай Майыплар федерациясының баслығы Чен Кай менен ушырасыў өткерди.

Агентлик баспасөз хызметиниң хабарында атап өтилиўинше, ушырасыўда 2024-жылдың май ҳәм июль айларында әмелге асырылған өз-ара сапарлар, қол қойылған түсинисиў меморандумы, сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта ислеп шығылып атырған бирге ислесиў бойынша “Жол картасы” жойбарының әҳмийети айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Соның ишинде, Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияны әмелиятқа енгизиў, Федерацияның ҳәр қыйлы бағдарларда жәрдем көрсетиўши бирден-бир муўапықластырыўшы уйым сыпатындағы жумысын терең үйрениў ҳәм бул тәжирийбени Өзбекстанда қолланыў имканиятлары көрип шығылды.

Сондай-ақ, майыплығы болған шахсларды белсенди турмысқа тартыў, оларды жәмийетке толық интеграциялаўға қаратылған бағдарламаларды әмелге асырыў, “инклюзив орталық” принциплерин қәлиплестириў ҳәм кеңнен енгизиў мәселелери додалаў орайында болды. Бирге ислесиўди аймақлараралық дәрежеге алып шығыў, ҳәр бир аймақтың өзине тән талап ҳәм имканиятларын есапқа алған ҳалда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, халық ушын жәрдемши (ассистив) қурылмаларды ислеп шығарыў, параолимпиада ҳәм адаптив спорт тараўларында биргеликтеги илажлар өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Жавоҳир Тошхўжаев,

ӨзА