2025-жылда пул массасы 36 процентке артты

35

Орайлық банк мағлыўматларына бола, 2025-жылдың ақырына келип кең мәнистеги пул массасы (М2) турақлы өсиўди сақлап қалды. Атап айтқанда, жыл басында 277,1 триллион сумды қураған М2 көлеми жыл ақырына келип 378,6 триллион сумға жетти. Нәтийжеде жыллық есапта 36,6 процентлик өсиў атап өтилди.

Соның менен бирге, миллий валютадағы пул массасы да кеңейип, 220,1 триллион сумнан 309 триллион сумға шекем артты. Айланыстағы нақ пуллардың көлеми 2025-жыл даўамында турақлы өсип, 53,3 триллион сумнан 68,5 триллион сумға жетти. Бул көрсеткиш жыллық есапта 28,5 процентлик өсиўди қурады.

Жыл басына салыстырғанда миллий валютадағы депозитлердиң көлеми 24,9 процентке, миллий валютадағы басқа депозитлер 55,4 процентке өсти. Сондай-ақ, сырт ел валютасындағы депозитлердиң көлеми де миллий валюта эквивалентинде есаплағанда 22,1 процентке артқан.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, пул массасы (М2) – экономикадағы пул ликвидлигиниң әҳмийетли көрсеткиши. Ол нақ пуллар ҳәм де банклердеги талап етилетуғын ҳәм басқа депозитлер есабынан пайда болади. Пул массасының көбейиўи экономикалық жеделликтиң артыўы, халық дәраматларының өсиўи ҳәм финанс базарларындағы ликвидлиликтиң артыўы менен байланыслы.

Ш.Маматуропова,

ӨзА