Трамп Францияны 200 процентлик бажы менен қорқытты

АҚШ Президенти Дональд Трамп Франция Президенти Эммануэль Макронның Газа мәселеси бойынша “Тынышлық кеңеси”не қосылыў усынысын бийкарлаўы артынан кескин баянат берди. Трамп Макрон кеңеске қосылмаса, француз винолары ҳәм шампанларына 200 процентлик бажы енгизилиўи менен қәўип туўдыратуғынын билдирди. Бул ҳаққында “Bloomberg” хабар тарқатқан. Трамп Ақ үйде журналистлерге, соның ишинде, былай деди: Ҳеш ким Макронды кеңесте көриўди қәлемейди, себеби ол тез арада лаўазымынан кетеди. Франция виноларына 200 процент салық салынады ҳәм ол бәри бир бизге қосылады.
Америка жетекшисиниң бул қарары Макрон оның басламасын қабыл етпейтуғыны ҳаққында хабар тарқалыўы мүнәсибети менен қабыл етилген. Трамп Франция басшысының халықаралық сиясаттағы тәсири төменлегени, саўда қураллары арқалы оған басым өткериў мүмкин екенин де ашық айтқан.
Айтпақшы, президентлик мүддети келеси жылы жуўмақланатуғын Макрон гезектеги сайлаўда қатнаспайтуғынын жәриялаған.
Франция ҳүкимети Трамп усыныс етип атырған “Тынышлық кеңеси” тек Газа мәселеси менен шекленип қалмаўы ҳәм БМШ институтционаллық принципине қайшы келиўи мүмкинлигинен қәўетер билдирген. Макронға жақын дереклердиң пикиринше, Париж ушын БМШ шеңбериндеги халықаралық ҳуқықый механизм додаланбайтуғын қәдирият есапланады.
Кеңестиң басқа сыншылары Трамптың қәдемин БМШқа альтернатив ямаса қарама-қарсы структура жаратыўға урыныў сыпатында баҳаламақта. Олар бул баслама глобаллық басқарыў системасында жаңа қарама-қарсылық ҳәм кескинлик келтирип шығарыўы мүмкин екенлигине итибар қаратпақта.
Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА