Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўи: Үйде күтиў ҳәм реабилитация тараўында тәжирийбе алмасылды

Ҳәзирги ўақытта Социаллық қорғаў миллий агентлиги қәнигелери хызмет сапары менен Қытай Халық Республикасында болып тур. Бул сапар етиў шеңберинде Агентлик делегациясы “New Frontier Group” компаниясының бас директоры ҳәм биргеликтеги шөлкемлестириўшиси Карл У менен ушырасыў өткерди.
“New Frontier Group” Қытайдағы ең ири интеграцияласқан денсаўлықты сақлаў ҳәм реабилитация системаларынан бири болып, инсанның пүткил өмир циклы даўамында хызмет көрсететуғынын атап өтиў керек.
Сөйлесиў процесинде реабилитация орайларын нәтийжели басқарыў ушын заманагөй басқарыў модельлерин енгизиў, медициналық-социаллық реабилитация стандартларын ислеп шығыўда халықаралық экспертлерди тартыў, үйде хызмет көрсетиў әмелиятының нәтийжелилиги, соның ишинде, қайта госпитализацияларды қысқартыў ҳәм хызметлердиң баҳасын азайтыў арқалы халық ушын хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, “New Frontier Group” компаниясы қурамына 11 халықаралық көп тармақлы ҳәм қәнигелескен емлеўхана, 5 интеграцияласқан онкология орайы, 27 емлеўхана ҳәм медицина орайы, 22 реабилитация емлеўханасы, 7 балалар реабилитация орайы киреди. Бул тармақ 40 тан аслам қаланы қамтып алған болып, 77 мыңға шамалас наўқасқа үйде күтим хызметлери көрсетилмекте.
Сондай-ақ, Агентлик делегациясы тәрепинен United Family Healthcare (UFH) мәкемесине сапар әмелге асырылып, реабилитация хызметлерин көрсетиў бойынша әмелий тәжирийбе, әсиресе паллиатив хызметлер бағдарындағы жумыслар үйренилди.
Тәреплер майыплығы болған шахслар ҳәм турақлы күтимге мүтәж халық ушын реабилитация хызметлери системасын жетилистириўге қаратылған таллаў ҳәм комплексли изертлеў өткериў бойынша келисимге еристи.
Муҳайё Тошқораева,ӨзА