Ҳиндстанлы педагог өзиниң ис тәжирийбеси менен бөлиспекте

21

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Ҳиндстан мәмлекетинен келген тәжирийбели педагог Шайх Салман Алидиң қатнасыўында билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм халықаралық тәжирийбени ғалаба ен жайдырыўға қаратылған семинар шөлкемлестирилди.

Онда район ҳәкимлиги ўәкиллери, мектеп директорлары, инглис тили муғаллимлери, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Семинар даўамында сырт елли қәнигелер менен биргеликте билимлендириў процесин шөлкемлестириў, инглис тилин оқытыўда заманагөй методларды қолланыў, оқыўшылардың аўызеки сөйлеў көнликпелерин раўажландырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға халықаралық тәжирийбеге тийкарланған әмелий усыныслар берилди.

– Сырт ел қәнигелерин улыўма орта билим бериў мектеплерине тартыўдан тийкарғы мақсет – оқыўшылардың сөйлеў көнликпелерин раўажландырыў, инглис тилинде тәбийғый орталық жаратыў ҳәм жасларымыздың дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыў имканиятларын кеңейтиўден ибарат, – дейди орынбасары Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Шыныбек Бектурғанов.

Өткерилген семинарда қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыға сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы