Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тарийхы музейи шөлкемлестирилди

24

Прокуратура уйымларында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың үзликсиз алып барылыўын тәмийинлеў, прокуратура хызметкерлериниң руўхый интеллектуаллық потенциалын арттырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тарийхы музейи жаңадан шөлкемлестирилди.

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов, ветеранлар, кең жәмийетшилик, Республика прокуратурасы хызметкерлери, район (қала) ҳәм оларға теңлестирилген прокурорлар қатнасыўында музей пайдаланыўға тапсырылды.

Музей инновациялық технологиялар тийкарында кеңейтилип, бийбаҳа экспонатлар менен байытылған, соның ишинде, репрессияға ушыраған прокуратура хызметкерлериниң өмири ҳәм жумысын сәўлелендириўши сүўретлер ҳәм экспонатлар, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм барлық аймақлық прокуратуралардың тарийхы ҳәм жумысына байланыслы сүўретлердиң электрон платформасы, прокуратура уйымларының қәлиплесиў тарийхын сәўлелендирип беретуғын видеоролик усылардың қатарына киреди.

Әсиресе, Қарақалпақстанның кешеги ҳәм бүгини, байлықлары ҳәм сиясий майдандағы орны, Жаңа Өзбекстанда жаңаланып атырған ел тымсаллары сүўретленген дийўал барельефи ҳәммеде бирдей қызығыўшылық оятты.

Соның менен бирге, илаж даўамында 4 мыңға шамалас әдебиятларды өз ишине алған, ўатансүйиўшилик ҳәм әдилликти үгит-нәсиятлаўшы уллы шайыр ҳәм ойшыллардың шығармалары менен безелген китапхана да усы күни пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги