Не ушын көп қабатлы жайларда жасайтуғынлардан да аўыл хожалығы бар-жоқлығы соралмақта?

31

Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў шеңберинде пуқаралардан онлайн сораўнаманы толтырыўға байланыслы түрли сораўлар келип түспекте.

Миллий статистика комитети тәрепинен халықтан ең көп келип түсип атырған сораўлар тийкарында рәсмий түсиниклер берилип барылмақта.

Атап айтқанда:

– Не ушын қалада көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғынлардан да сораўнамада аўыл хожалығы бар ямаса жоқ екенлиги соралмақта?

– Айырым пуқараларда қалада жасайтуғынына қарамастан, қосымша түрде жер ямаса аўыл хожалығы жумысы бар болыўы мүмкин. Сол себепли сораўлар әмелдеги жағдайдан келип шыққан ҳалда толтырылады.

– Көше ямаса мәҳәлле дизимде көрсетилмей атыр. Не ислеў керек?

– Бул жағдайда үлкен итимал менен мәҳәлле таңланыўынан алдын елатлы пункт, яғный қала, қалаша, аўыллық елатлы пункт белгиленбеген. Дәслеп елатлы пунктти таңлап, соң мәҳәлле ямаса көше атын излеў керек. Егер бар болмаса, қолда киргизиў имканияты бар.

– Неге дизимге алыў сораўнамасында турақ жай ҳәм көшпес мүлкке байланыслы үй неден қурылғаны, оның жағдайы ҳәм басқа да тәреплери бойынша сораўлар көп?

– Халықаралық әмелиятқа бола, халық ҳәм турақ жай фондын дизимге алыў илажлары биргеликте өткериледи. Өзбекстанда болса бундай кең көлемли халықты дизимге алыў илажы соңғы 37 жыл даўамында өткерилмеген. Сол себепли, сораўнамаға турақ жай фондына байланыслы сораўлар да киргизилген. Сораўнамадағы бул сораўлар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Халықтаныў қоры ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында, сондай-ақ, халықаралық экспертлердиң қатнасыўында ислеп шығылған.

Әне усы мағлыўматлар тийкарында келешекте турақ жай сиясатын қәлиплестириў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм коммуналлық хызметлердиң сапасын жақсылаў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етиледи. Сол себепли сораўлар санының бираз көп болыўы келешекте анық ҳәм исенимли статистика қәлиплестириў ушын зәрүр.

– Не ушын сертификатта 4-28-февраль күнлери қайта дизимнен өткерилиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертиў бар?

– Сораўнаманы толтырыў процесинде айырым сораўларға анық емес, толық емес ямаса өз-ара қарама-қарсы жуўаплар киргизилген жағдайда мағлыўматларды анықластырыў зәрүрлиги жүзеге келиўи мүмкин. Сондай-ақ, айырым жағдайларда сораўнама асығыслық пенен ямаса тек ғана сертификат алыў мақсетинде толық толтырылмастан жиберилиўи итималы бар.

Дизимге алыў процесинде топланған мағлыўматлар район, қала ҳәм ўәлаятлар кесиминде социаллық-экономикалық сиясатты ислеп шығыў, аймақларды раўажландырыўды режелестириў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм халыққа көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Сол себепли мағлыўматлардың анық ҳәм исенимли болыўы айрықша әҳмийетке ийе.

– Мен кирейде тураман. Жақында ижарашы маған қоңыраў етип, усы мәнзилден дизимнен өтпеўди сорады. Сонда мен турақлы жасаў орнымнан дизимнен өтемен бе?

– Егер сиз ижарада жасап атырған болсаңыз, халық дизиминен ҳәзирги ўақытта жасап атырған, яғный ижарадағы мәнзилиңиз бойынша өтиўиңиз керек.

Ижарашының “бул мәнзилден дизимнен өтпең” дегени дизимнен өтиў талапларын бийкарламайды. Шахс реал қай жерде жасап атырған болса, сол мәнзил бойынша есапқа алынады – мүлк кимге тийисли екенлиги әҳмийетли емес.

Бул аймақта ҳақыйқый халықтың санын, социаллық инфраструктураға болған реал талапты (мектеп, бақша, емлеўхана, транспорт) анықлаў ушын зәрүр.

М.Комилова, ӨзА