Билимлендириў инфраструктурасын раўажландырыў: халықаралық бирге ислесиў әмелде

8

Жәҳән банки қатнасыўында әмелге асырылып атырған «Экономикалық өсиў ушын мектеп билимлендириўин трансформациялаў» жойбары шеңберинде 17-20-январь күнлери Жәҳән банки ўәкиллери ҳәм Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапарында болды.

17-январь күни мийманлар Мойнақ районында болып, 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшыларға жаратылған шараятлар, материаллық-техникалық база ҳәм тәлим-тәрбия процеси, сондай-ақ, 2025-жыл Инвестиция бағдарламасы шеңберинде қосымша оқыў имараты қурылған 1-санлы қәнигелестирилген мектептеги шараятлар менен танысты.

Сапардың екинши күни болса, олар Нөкис қаласы Абат мәкан МПЖ аймағындағы қуўатлылығы 1650 орынға мөлшерленген жаңа мектептиң қурылысы режелестирилген 1,4 гектар жер майданның коммуникация тармақларына жалғаныў жағдайы, Шымбай гүзары МПЖ аймағында жайласқан 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиндеги жаратылған шараятлар жақыннан үйренди.

Ал, 19-январь күни Нөкис қаласы Жаңабазар МПЖ аймағында быйылғы жылы жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған 870 оқыўшы орнына мөлшерленген 55-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң  заманагөй билимлендириў орталығы ҳәм материаллық-техникалық базасы менен танысты.

Усы күни мийманлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Утемуратов пенен ушырасып, жаңа мектеплердиң қурылысы, жайласқан жер майданлары, техникалық талаплар ҳәм жойбарлаў процесслерине байланыслы әҳмийетли мәселелерди кең түрде додалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы