Илим ҳәм әмелият үйлесимлиги: жаңа техникаға бағышланған семинар

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында заманагөй пахта терим машиналарын еле де жақыннан таныстырыўға бағышланған семинар болып өтти.
Илаж Ферғана ўәлаятында Қытай Халық Республикасы менен биргеликте заманагөй пахта териў машиналарын ислеп шығарып атырған “Fergana Swan Cotton Industrial Machinery Stock Co” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылып атырған “SWAN 4MZ-4” маркалы пахта териў машиналары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде өткерилип, оған Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Халимбетов, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Өзагролизинг” АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты профессор-оқытыўшылары,“Fergana Swan Cotton Industrial Machinery Stock Co” ЖШЖ кәрханасының ўәкиллери,район ҳәкимликлериниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, агроинспекция қәнигелери, кластерлер, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының басшылары қатнасты.
Семинар даўамында усы жаңа пахта терим машинасының техникалық имканиятлары, нәтийжелилиги, мийнет өнимдарлығын арттырыўдағы әҳмийети ҳәм әмелий қолланыў тәжирийбелери ҳаққында толық мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен толық жуўаплар берилди.
Семинар жуўмағында заманагөй техникаларды аўыл хожалығына кеңнен енгизиў, фермер ҳәм кластерлер менен бирге ислесиўди және де күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.



Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы Анвар Жуманазаров қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги