Маркировкалаў қағыйдаларын бузғаны ушын аралықтан салық тексериўи өткериледи

8

Санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилиги арттырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Бул бағдардағы нызам жойбары төменги палата мәжилисинде көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, жойбар менен “аралықтан салық тексериўи” түсинигине анықлық киргизилип, бул тексериўди өткериў тәртиби әпиўайыластырылмақта.

Буннан тысқары, маркировкалаў қағыйдаларын бузыў жағдайлары бойынша аралықтан салық тексериўин салық төлеўшиниң жанына бармастан, ҳуқықбузарлық бойынша еки мәрте ескертиў берилгеннен соң өткериў нәзерде тутылмақта. Яғный, егер ҳуқықбузарлық салық уйымларының мәлимлеме системалары арқалы анықланып, рәсмий ескертиўден кейин де даўам етсе, аралықтан тексериў шөлкемлестирилип, акт тийкарында белгиленген муғдарларда жәрийма қолланылады. Исбилерменлик субъекти салық тексериўи ҳаққында 10 күн алдын хабардар етиледи. Сондай-ақ, бул жағдай бойынша қарар қабыл етиў процесслерин оператив шөлкемлестириў нызамлы тийкарда белгиленбекте.

Әмелиятта айырым шахслар тәрепинен маркировкалаў қағыйдаларын айланып өтиў арқалы нызамсыз дәрамат алыў мақсетинде халыққа сапасыз ямаса қәлбеки өнимлерди, соның ишинде, спиртли ишимликлер, темеки өнимлери, дәри қураллары, салқын ишимликлер ҳәм басқа да товарларды реализациялаў жағдайлары бақланбақта.

Бул нызам жойбары мине усындай ҳуқықбузарлықларды ерте анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм инсаплы салық төлеўшилердиң нызамлы мәплерин қорғаў, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдыратуғын факторларды сапластырыўға қаратылған.

Нызам жойбарында салық қадағалаўын әмелге асырыўда заманагөй қатнасларды енгизиў, ҳуқықбузарлықларды сапластырыўға қаратылған профилактикалық механизмлер нәзерде тутылған.

Киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар жасырын айланыс ҳәм жасырын экономикаға қарсы гүресиў, инсаплы салық төлеўшилердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, бюджет дәраматларының турақлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Муҳтарама Комилова, ӨзА