“Өзбекстан – 2030” стратегиясы: Билимлендириў системасын жетилистириў – тийкарғы ўазыйпа

“Раўажланыў стратегиясы” орайында жетилистирилип атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарының “Билимлендириў системасын жетилистириў: мақсет ҳәм ўазыйпалар” темасына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Баспасөз әнжуманында “Раўажланыў стратегиясы” орайының басшысы Элдор Туляков ҳәзирги күнде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын жетилистириўге себеп болған фактор ҳәм мәселелерге толық тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетте экономиканы либералластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў, социаллық қорғаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў және мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды.
Бүгинги күнде дүньяда жүз берип атырған глобаллық өзгерислер, халықаралық базарлардағы тербелислер, санаат ҳәм технологиялардың кескин раўажланыўы, энергия базарларындағы трансформация, глобаллық тәмийнат шынжырларының қайта қәлиплесиўи Өзбекстаннан да жаңа қатнасларды талап етпекте.







Соның менен бирге, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилиўи, онда белгиленген ўазыйпалардың жаңаланыўы мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығында үлкен әҳмийетке ийе болыўы және жойбарды додалаўда кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўы белгиленетуғын ўазыйпалардың және де жетик ҳәм халықшыл болыўын тәмийинлейди.
Сондай-ақ, илажда қатнасқан министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери де жетилистирилип атырған “Өзбекстан-2030” стратегиясы жойбарында көрсетилген, өз бағдарларына байланыслы ўазыйпалар ҳәм белгиленген көрсеткишлер ҳаққында түсиник берди.
Соның ишинде, балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 80 процентке жеткериў, улыўма орта билим бериў мәкемелерин таза ишимлик суўы ҳәм заманагөй санитариялық-гигиеналық инфраструктура менен 100 процент тәмийинлеў, билимлендириў шөлкемлерине ҳәр жылы 600 “тил ийелери” болған сырт ел қәнигелерин тартыў, Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң баҳалаў системасы енгизилген улыўма орта билим бериў мәкемелериниң үлесин 100 процентке жеткериў, талап жоқары болған бағдарлар ҳәм алыс аймақлардағы абитуриентлер ушын педагогикалық билимлендириў бағдарлары бойынша мәмлекетлик грант тийкарында таярланған кадрлардың үлесин 17 процентке жеткериў ўазыйпалары бойынша толық мағлыўмат берди.
Соның менен бирге, орта арнаўлы билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системасында жаңа методикаларды енгизиў арқалы билимлендириў нәтийжелилигин арттырыў бағдарында кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын жетилистириў көрсеткишин 70 процентке жеткериў, 14 аймақлық алдынғы кәсиплик шеберлик техникумларын ҳәм “Кәсиплер қалашасы”н шөлкемлестириў, питкериўшилердиң өз қәнигелиги бойынша жумысқа жайласыўы ҳәм 1-3 жыл даўамында қәнигелиги бойынша ислеў көрсеткишин 70 процентке жеткериў, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң халықаралық аккредитациядан өткен билимлендириў бағдарламаларын 200 ге жеткериў, мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан әмелге асырылатуғын фундаментал изертлеў жойбарларының санын 400 ге жеткериў, илим тараўына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржыларды жалпы ишки өнимниң 1 процент муғдарына шекем арттырыў сыяқлы нәзерде тутылған көрсеткишлердиң қандай үлкен әҳмийетке ийе екенлигин түсиндирип өтти.
Өз гезегинде баспасөз әнжуманы жуўмағында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.
ӨзА