Жерди өзбасымшалық пенен ийелеў жуўапкершиликке алып келеди

7

Жер – халықтың мүлки. Ол мәмлекеттиң қорғаўында. Оны өзбасымшалық пенен ийелеп алыў жуўапкершиликке алып келеди.

Тилекке қарсы айырым пуқаралар тәрепинен жер участкаларын ҳеш қандай ҳүжжетсиз нызамсыз түрде ийелеп алыў ямаса руқсатсыз қурылыс жумысларын әмелге асырыў жағдайлары ушыраспақта.

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда,  Нөкис қаласында алып барылған жер қадағалаў жумыслары даўамында Жаңа заман МПЖ аймағында жасаўшы пуқара улыўма майданы 89 кв.м.лик жерди өзбасымшалық пенен ийелеп қурылыс жумысларын алып барғаны анықланды. Тап усындай жағдай Жасыл бағ МПЖ аймағында жасаўшы пуқара тәрепинен де исленгени анықланып, өзбасымшалық пенен ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз 32 кв.м.лик жерге қурылыс қурғаны анықланды.

Бул еки жағдай бойынша ӨзР ҲЖҳКниң 60-статьясы 3-бөлимине тийкарланып ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, пуқаралар тәрепинен нызамсыз жағдай сапластырылды.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-августтағы «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызамында 2018-жыл 1-май күнине шекем өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықлар тән алынады деп көрсетилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги