Фермерлер шорланған ҳәм қурғақ климат шараятларында дийқаншылық усылларына оқытылды

Шымбай, Хожели, Нөкис, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Шоманай районларында “Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системаларын раўажландырыў” жойбары шеңберинде фермерлер ушын оқыў семинары жуўмақланды.
Аралбойы халықаралық инновация орайы ҳәм Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институты менен биргеликте әмелге асырылып атырған Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының жойбары Абу-Даби раўажланыў қоры (ADFD) тәрепинен қаржыландырылған семинарларға фермерлер, аўыл хожалығы ҳаял-қызлары ҳәм жаслардан ибарат 1 мың 600 ден аслам қатнасыўшы қамтып алынды.
Бағдарлама әмелий ҳәм илимий тийкарланған агротехнологияларды енгизиў, топыраққа ислеў бериў, туқымгершиликти жақсылаў ҳәм жер деградациясы және климат қәўип-қәтерлери шараятында аўыл хожалығының турақлылығын арттырыўға қаратылды. Семинарды ICBA орайының бас директоры Доктор Тарифа Алзааби ашып берди.
Тренинг жуўмағында қатнасыўшыларға әмелий қолланыў ушын туқымлар тарқатылды. Бул болса регионда турақлы ҳәм климатқа бейимлескен аўыл хожалығы өндирисин раўажландырыўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги