Әмиўдәрья районында жол инфраструктурасы жақсыланбақта

Елимиздиң раўажланыўында инфраструктура, атап айтқанда, жол тармағын беккемлеў әҳмийетли орын ийелейди. Бул бағдарда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар аймақлардың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
Президентимиздиң жол инфраструктурасын раўажландырыўға қаратып атырған итибары нәтийжесинде республикамызда жол қурылысы тараўында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Әмиўдәрья районында жергиликли әҳмийетке ийе 95 В134 Толқын, Ақ алтын, Бабур АПЖлар аймағындағы жолдың 18.5—20-км аралықларында 1,5 километр узынлықта асфальт төселмекте.



Асфальт төсеў жумысларында 5 арнаўлы техника ҳәм 10 маман жумысшы қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги