Мойнақ көшесинде комплексли оңлаў жумыслары даўам етпекте

Мойнақ районында халықтың қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң «2020 – 2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социал-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Мойнақ көшеси бойлап заманагөй талапларға жуўап беретуғын пиядалар жолының қурылысы жедел пәтлерде алып барылмақта. Соның менен бирге, көше аймағында түнги жақтыландырыў системаларын орнатыў жумыслары да избе-из даўам еттирилмекте.
Атап өтиў орынлы, 2025-жыл даўамында Мойнақ көшесинде жол инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған жумыслар толық жуўмақланып, көше бойлап сапалы қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары табыслы орынланды. Бул жумыслардың нәтийжесинде көшениң ҳәрекетлениў қолайлығы ҳәм көриниси сезилерли дәрежеде жақсыланды.
Әмелге асырылып атырған бул жойбарлар Мойнақ районының заманагөй келбетин қәлиплестириў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм аймақты және де абат ҳәм пайызлы орынға айландырыўға хызмет етпекте.

Бул кең көлемли жумыслардан гөзленген мақсет – транспорт инфраструктурасын жаңалаў, халықтың күнделикли турмысын жақсылаў, аймақлараралық байланысларды беккемлеў ҳәм экономикалық белсендиликти арттырыў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги