Медицина  тараўындағы  хызметкерлердиң  хуқықлары  қорғалды

11

Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси Мийнет инспекциясының 2025-жыл ушын   ислеп-шығылған  ис-режесине  муўапық  тараўға  тийисли  мәкемелерде  мийнет  нызамшылығы  хәм  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты  сақлаў  министрлиги  хәм  Өзбекстан Денсаўлықты  сақлаў  хызметкерлери кәсиплик  аўқамының  Қарақалпақстан Республикасы кеңеси  арасында  2024-2026-жыллар  ушын  қабыл  етилген  Аймақлық  Жәмәәтлик  келисиминде  белгиленген  талапларының  орынланыўы  бойынша  жәмәәтлик  қадағалаўы  алып  барылып,   мийнет   инспекторлары  тәрепинен  бир қатар  медицина  мәкемелери  хызметкерлерине   2025-жылда  төленген  ис-хақыларының  дурыслылығы   жағдайы  үйренип  шығылды.

Өткерилген  үйрениўлер  даўамында  медицина  хызметкерлери  хәм  медицина  хызметкерлеринен  тысқары    басқа  хызметкерлерге  айлық  ис-хақыларына  қосымша  үстеме  пуллары  аз  төленгенлиги,  жыллық  мийнет  дем  алысы  күнлери  кем  берилгенлиги,  арнаўлы  кийим-кеншеклер менен тәмийинленбегени ҳәм  жумыс  ўақтында бахытсыз  ҳәдийсе  нәтийжесинде жәбирленген хызметкерге төлениўи тийис болған   компенсация  пулы   төленбей  келингенлиги  анықланды.

Нәтийжеде  өткен жыл  даўамында Өзбекстан Денсаўлықты  сақлаў  хызметкерлери кәсиплик  аўқамының  Қарақалпақстан Республикасы бойынша  мийнет  инспекторлары  тәрепинен республикамыздағы денсаўлықты  сақлаў тараўындағы  мәкемелерде  ислеп  атырған   194 хызметкерге  хызмет сапар  қәрежетлери ушын  215.359.971 сум, 132 хызметкерге  материаллық  жәрдем  ушын  194.000.000 сум, 2415  хызметкерге    ҳәр  шереклик  үстемелер  ушын   жумыс  бериўшилер  тәрепинен жәми  1.452.311.411 сум  қайта есапланып, олардың  төлениўине  ерисилди.

Буннан  тысқары жумыс  ўақтында  бахытсыз ҳәдийсе нәтийжесинде жәбирленген   1 хызметкерге    төлениўи  тийис болған  38.419.810  сум  компенсация  пулы, жыллық  мийнет  дем алысы  кем  берилгенлиги  есабына    26 хызметкерге  140 680 852 сум  өндирип  берилиўине  ерисилип, жумыс  бериўшиниң  есабыннан  343 хызметкерге    35.319.000 сумға  арнаўлы  кийим  кеншеклер  алып  берилиўине   хәм    105.630.224 сумга   383 жумыс  орны  аттестациядан  өткерилиўине  ерисилди.

 

П.Абдиязов,

Д.Уразбаев

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў

хызметкерлери кәсиплик аўқамы

Республикалық Кеӊесиниӊ

Қарақалпақстан Республикасы

бойынша мийнет инспекторлары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги