Нефть ҳәм энергетика санааты ушын перспективалы катализатор технологиясы жаратылды

11

Халықаралық илимпазлар топары молибден карбиди тийкарында жаңа катализатор жаратты. Ол аўыр нефть фракциялары ҳәм пайдаланылған өнимлерди қайта ислеў процесин бир неше есе тезлестирип, энергия жумсалыўын сезилерли дәрежеде азайтады.

Технология катализаторларды ислеп шығарыўдың қурамалылығы ҳәм қымбат баҳалы металлар талап етиў машқаласын да шешеди. Исленген авиация майын қайта ислеў бойынша тәжирийбелерде молибден карбидиниң нано унтағы жоқары нәтийжелиликти көрсетти. Ол температураға қарап қурамалы углеводородлардың термикалық тарқалыў тезлигин 639 процентке шекем арттырған ҳәм процесстиң активация энергиясын 25 процентке азайтқан.

Соның менен бирге, катализатор тек ғана нефть өнимлерин қайта ислеўде емес, ал күкиртти жоқ етиў реакциялары, аммиак синтези, метанды қайта ислеў ҳәм водород ислеп шығарыў сыяқлы процесслерде де нәтийжели қолланылыўы мүмкин.

“Өзхимиясанаат” АЖ мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, бул технология тек ғана нефть-химия емес, ал энергетика ҳәм аэрокосмослық санаатта да кеңнен қолланыў ушын перспективалы есапланады.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА