“Өзбекстан – 2030”: ҳәр бир инсан өз потенциалын жүзеге шығарыўына шараят жаратылады

12

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы бағдарда белгиленген ўазыйпалар шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў системасы жаңа басқышқа алып шығылады. Улыўма орта билимлендириў системасында “Билимлендириў ушын қолайлы орталық” бағдарламасы әмелге асырылады. Профессионал билимлендириў раўажландырылады. Жоқары билимлендириў менен қамтып алыўды арттырыў менен бирге педагог кадрлардың статусы арттырылады.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды. Экономиканың ең тез раўажланып атырған тармақларында әмелий изертлеўлерди күшейтиў ҳәм “кәрхана – жоқары билимлендириў мәкемеси – илимий шөлкем” бирге ислесиў системасын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери көрип шығылды.

Денсаўлықты сақлаў тараўында халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығын арттырыў бойынша мақсетли көрсеткишлерге айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, 2030-жылға барып өмир сүриў даўамлылығын 78 жасқа жеткериў, жүрек-қан тамыр кеселликлеринен ерте өлимди (30-69 жас) 27 процентке шекем азайтыў, рак кеселлигинен ерте (30-69 жас) өлимди 5,2 процентке шекем азайтыў мақсет етилмекте.

Халыққа басланғыш медициналық хызметлерди және де жақынластырыў мақсетинде жүрек-қан тамыр, қәўипли өспелер, қантлы диабет, туберкулёз кеселликлери диагнозы қойылған наўқаслардың 50 процентин профилактикалық тексериўлерде анықлаўды жолға қойыў, емлеў мәкемелерине поликлиниканың электрон жолламасы арқалы барған наўқаслардың үлесин 70 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте стратегияның орынланыўын тәмийинлеўде депутатлар ҳәм жәмиетлик қадағалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА