Бақшаларда француз тилин үйретиў жолға қойылмақта

19

Францияда болып өткен Халықаралық Франкофония шөлкеминиң 19-саммити шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм “Kokoro Lingua” компаниясы арасында бирге ислесиў жолға қойылып, усы тийкарда Нөкис қаласы  1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде “Kokoro Lingua” инновациялық француз тилин үйрениў платформасынан нәтийжели пайдаланыў” атамасында республикалық семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға “Kokoro Lingua” компаниясының тийкарын салыўшысы Натҳалие Лесселин, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң орынбасары Муҳаббат Шлымбетова, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириўди муўапықластырыў департаменти қәнигеси Баҳромжон Эрматов,  сондай-ақ, республикамыздағы барлық район (қала) лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлериниң қәнигелери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң директор орынбасарлары қатнасты.

Меморандум шеңберинде Ташкент қаласындағы 12 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми таңлап алынып, оларда инновациялық “Kokoro Lingua” платформасына жайластырылған 10 видеосабақ арқалы балаларға француз тили бийпул үйретилмекте.

– Видеосабақлардың балалар жасына сәйкеслиги, қызықлылығы ҳәм нәтийжелилиги унамлы нәтийжелер берип атырғанлығы себепли, бул тәжирийбени мәмлекетимиздеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине енгизиў режелестирилмекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң орынбасары Муҳаббат Шлымбетова. –  Атап айтқанда, 2026-жыл январь айынан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы 24 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 71 үлкен ҳәм мектепке таярлаў топарларында “Kokoro Lingua” инновациялық платформасы арқалы француз тилин үйретиў жолға қойылады.


Өткерилген семинарда “Kokoro Lingua” компаниясының тийкарын салыўшысы Натҳалие Лесселин қәнигелерге “Kokoro Lingua” платформасына жайластырылған 10 видеосабақ ҳәм оны балаларға түсиндириўдиң методлары ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы