Сенат: мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик ҳәм есап бериў тәмийинленеди

Олий Мажлис Сенатында халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң баслықлары ҳәм ҳәкимлер ушын оқыў семинарлары өз жумысын баслады.
Илаждың ашылыўында Сенат Баслығы Танзила Норбоева жаңа конституциялық шараятта атқарыў ҳәм ўәкиллик ҳәкимияты алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.
“Күшли кеңес, есаплы ҳәм интакер ҳәким” принципи жәмийетте ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халық мәплерине хызмет ететуғын жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Себеби, реформалардан тийкарғы мақсет – атқарыў ҳәм ўәкиллик ҳәкимиятының жаңа институционаллық моделин жаратыў, мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик ҳәм есап бериўди тәмийинлеў болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында алға қойылған “реформаларды анық әмелий нәтийжеге айландырыў” идеясы Жаңа Өзбекстан раўажланыўының тийкарғы философиясы екени атап өтилди.
Президент тәрепинен белгилеп берилген алты тийкарғы бағдарда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысындағы тийкарғы ўазыйпаларға итибар қаратылды.
Бул ўазыйпалардың барлығы район ҳәм қалалар кесиминде халықтың мәплери жолында әдил қарарлар қабыл етиў, жуўапкершиликли қатнас жасаўды ҳәм әмелий нәтийжелерге ерисиўди талап етеди.
Бул оқыў семинарлары аймақлардың қамтып алыўы ҳәм қатнасыўшылар санын есапқа алған ҳалда төрт топарға бөлинип шөлкемлестирилген.
Соның ишинде, биринши топар тыңлаўшылары ушын сабақлар 19-21-январь күнлери өткерилип, оларда Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы депутатлары ҳәм ҳәкимлери қатнаспақта.
Оқыў семинарлары басқышпа-басқыш барлық аймақларды қамтып алып, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының билим ҳәм маманлығын арттырыўға қаратылған әҳмийетли оқыў-әмелий майдан болып хызмет етеди.
Үш күн даўам ететуғын оқыў семинарлары шеңберинде тыңлаўшылар жергиликли кеңеслердиң жумысын жетилистириў, ҳәкимиятлар бөлиниўи принциплери, кеңес ҳәм ҳәкимликлердиң өз-ара бирге ислесиўи, депутатларды нызам дөретиўшилиги жумысына кеңнен тартыў, қарарлар қабыл етиўде нызамлылықты тәмийинлеў бойынша әмелий сабақларда өз билим ҳәм көнликпелерин беккемлейди.
Буннан тысқары, бюджетти қәлиплестириў, оның орынланыўы үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды системалы шешиўде кеңеслердиң ролин күшейтиў, сондай-ақ, “мәҳәлле жетилиги-кеңес-Сенат” принципи тийкарында жумысты нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.
Н.Абдураимова, ӨзА