Орайлық Азия экология ҳәм қоршаған орталықты изертлеў орайы шөлкемлестириледи

17

Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов Қытай Илимлер академиясының Шинжон экология ҳәм география институтының бас директоры Чжан Юаньмин менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў даўамында Орайлық Азия экология ҳәм қоршаған орталықты изертлеўлер орайының келешектеги жумысын қәлиплестириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм структуралық мәселелер, сондай-ақ, илимий-экологиялық тараўда еки тәреплеме бирге ислесиў перспективасы додаланды.

Комитеттиң мәлим етиўинше, сөйлесиўлер ўақтында орайды шөлкемлестириўдиң мүмкин болған модельлери, оның кадрлар потенциалын басқышпа-басқыш раўажландырыў, соның ишинде, турақлы ҳәм жойбар тийкарындағы лаўазымларды анық белгилеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қытай тәрепи орайдың жумысын инвестициялық қоллап-қуўатлаў бойынша өз усынысларын алға қойды. Атап айтқанда, жойбар шеңберинде структураны заманагөй илимий ҳәм лабораториялық үскенелер менен тәмийинлеў мәселеси көрип шығылды. Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи зәрүр инфраструктураны тәмийинлеў ҳәм орайдың толық жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға таяр екенин билдирди.

Шинжон экология ҳәм география институтының 2026-жылға мөлшерленген жумыс бағдарламасы таныстырылды. Онда орайды дизимнен өткериў, бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, биргеликтеги илимий-изертлеў жойбарларын ислеп шығыў, илимий потенциалды арттырыў, кадрлар таярлаў ҳәм жумысты мәлимлеме жағынан сәўлелендириў бойынша илажлар нәзерде тутылған.

Мәжилистиң тийкарғы бөлими болса география, экология, қурғақ ҳәм ярым қурғақ аймақлардың тәбийғый ресурслары, турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық изертлеўлерге қәнигелескен халықаралық абырайлы илимий журналлар – “Regional Sustainability” ҳәм “Journal of Arid Land”  басылымларының жергиликли редакциясын шөлкемлестириў перспективасына бағышланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлап, ерисилген келисимлерди және де терең ислеп шығыў бойынша келисип алды.

Б.Худойбердиев, ӨзА