Фитосанитария тараўындағы нызамшылық халықаралық стандартларға муўапықластырылмақта

15

Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды қолланыў бойынша Келисимине муўапықластырыўды нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар фитосанитария тараўындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәзирги күндеги барлық халықаралық стандартларға муўапықластырыўға, елимизде жетистирилген өсимлик өнимлериниң халықаралық саўдада тосқынлықларсыз ҳәрекетлениўине, өсимликлер карантини тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Нызам жойбарында юридикалық тәреплер тәрепинен фитосанитариялық зыянсызландырыў жумысын лицензия тийкарында әмелге асырыў тәртиби, сондай-ақ, халықаралық тәжирийбе тийкарында фитосанитариялық зыянсызландырыў түрлери белгиленбекте.

Фитосанитариялық зыянсызландырыўдың заманагөй усылларын енгизиў, бул жумысты юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин импорт етиўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, зыянсызландырыў илажлары инсан өмири ҳәм денсаўлығы, қоршаған орталық ушын қәўипсиз болған усыллар тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Муҳтарама Комилова, ӨзА