“Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилген жойбары: усыныслар ашық додалаўда (+видео)

Бүгин халқымыз билимли ҳәм сергек, өзиниң турмысына, жәмийеттиң раўажланыўына байланыслы болған барлық мәселелерге итибарлы қарайды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында алға қойылған басламаларға муўапық, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилген жойбары жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилмекте.
Жойбарда 100 мақсет бойынша 450 ден аслам нәтийжелилик көрсеткиши белгиленген. Халықтың пикирин алыў ушын болса regulation.gov.uz ҳәм uzbekistan2030.uz веб-сайтларында ашық додалаўға қойылған.
Түсиндириўлер арасында тийкарлы ҳәм қызықлы усыныслар көп. Оларды ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм додалаў мақсетинде Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында тараў қәнигелери, усыныс жоллаған жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм журналистлер арасында ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилди.
Илажда Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги ҳәм “Раўажланыў стратегиясы” орайының басшылары усыныс жоллаған пуқаралардың пикирлерин додалады.
Усы жерде усыныслардың үлкен бөлеги билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, санаат, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларына тийисли екенин атап өтиў керек. Соның ишинде, шаңарақ, суд, бала ҳуқықлары, гендер теңлик бойынша билдирилген усынысларға итибар қаратылып, бул мәселеде экспертлер ҳәм қатнасыўшылар еркин пикир алысты.
– Өткен қысқа ўақыт ишинде Стратегия жойбары бойынша ўатанласларымыздан 2 мың 500 ге шамалас пикир ҳәм түсиниклер келип түсти, – дейди Раўажланыў стратегиясы орайының директоры Элдор Туляков. – Олар қәнигелер тәрепинен ҳәр күни таңлап, үйренип барылмақта. Таңлаўларға бола, усыныслардың үлкен бөлеги билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, санаат, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларына тийисли.
Усынысларды тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ҳәр тәреплеме көрип шығып, жетилистириўге келисип алынды. Олар халықтың турмыс дәрежеси ҳәм тараўлардағы нәтийжелиликке тәсир етиўши сапа көрсеткишлерин қәлиплестириўде есапқа алынады.
Бундай ашық-айдынлық ҳәм өз-ара пикир алысыўлар “Өзбекстан – 2030” стратегиясын ҳақыйқый халықшыл стратегияға айландырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.
Абдулазиз РУСТАМОВ, Ўктам ҲАИТОВ (сурат), ӨзА