Биотехнологиялық қуралларды ислеп шығарыў енгизиледи

Төменги палатаның мәжилисинде депутатлар тәрепинен “Фармацевтика жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде фармацевтика тараўын раўажландырыў, талап жоқары болған дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды локализациялаў, халықты сапалы ҳәм арзан өнимлер менен тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул нызам жойбары менен дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелердиң айланысын халықаралық критериялар дәрежесинде тәртипке салыў, клетка технологиясына тийкарланған биотехнологиялық қуралларды ислеп шығарыўды енгизиў белгиленбекте.

Сондай-ақ, фармацевтика тараўында технологиялар трансферин кеңнен қолланыў, организмниң функционал имканиятларын тиклеў ушын қолланылатуғын дәри қуралларын медицина әмелиятына енгизиў нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарында белгиленетуғын нормалар жергиликли фармацевтика кәрханаларының қуўатлылығын арттырыў, тараўға заманагөй технологиялар трансферин енгизиў, денсаўлықты сақлаў әмелиятында клетка технологияларына тийкарланған биотехнологиялық қуралларды қолланыў, медициналық үскенелердиң импорты ҳәм экспортын кеңейтиў, халқымыздың саламатлығын беккем қорғаўға хызмет етеди.
М.Комилова, ӨзА