Елшилер алдындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Онда бир қатар нызам жойбарларын додалаў нәзерде тутылған.
Мәжилис алдынан Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов мәмлекетимиз турмысында болып өткен әҳмийетли ўақыяларға тоқтап өтти. Атап айтқанда, мәмлекетимиз жетекшисиниң басшылығында Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысына бағышланған видеоселектор мәжилисинде Президент тәрепинен белгиленген ўазыйпаларға тоқтап өтти.
– Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде дүнья жүзи көлеминдеги геосиясий жағдайды таллап, мәмлекетимиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеп берди. Сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы талланып, экономикалық дипломатияны күшейтиў, экономикалық мәплерди тәмийинлеў, инвестициялардың көлемин, туристлердиң санын арттырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Енди дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы экспорт түсимлери, инвестиция тартыў, жаңа базарлар ашыў, туристлер ағымын көбейтиў ҳәм технологияларды тартыў сыяқлы көрсеткишлер менен баҳаланатуғынына итибар қаратылды. Елши енди тек ғана сиясий емес, ал экономикалық нәтийже ушын да жуўапкер екени қатаң белгиленди.
М.Комилова, ӨзА