Өзбекстанда қанша шахс пробациялық қадағалаўға алынған?

Мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 5-январьдағы “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бир пүтин мәнзилли жумыс системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында социаллық профилактика нәтийжелилигин арттырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленди.

Бул бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта? Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти баслығының орынбасары – Пробация басқармасының баслығы, полковник Азамат Ўроқов бул ҳаққында айтып берди:
– Қарардың орынланыўы шеңберинде пробация хызмети тәрепинен жынаятшылыққа қарсы гүресиў, қайта жынаят ислеўдиң алдын алыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасын шөлкемлестириў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта 90 мыңға шамалас шахс пробация қадағалаўына алынған. Соннан 31 мың 121 и мүддетинен алдын азат етилген, 25 мың 475 и дүзетиў жумыслары, 1 мың 598 и шәртли ҳүким, 9 мың 219 ы белгили бир ҳуқықтан айырыў, 22 мың 215 и еркин шеклеў, 91 и мәжбүрий жәмийетлик жумыслар жазасын өтеп келмекте.
Қарарда социаллық профилактика илажларының әмелге асырылыў жағдайын сын көзқарастан үйрениў ҳәм социаллық-турмыслық машқалаларды сапластырыў бойынша мәнзилли илажлар көриў ўазыйпасы да жүклетилген.
Пробация қадағалаўындағы шахслардың жазаны өтеўден бас тартқаны ушын оның жазасын аўыр жаза түрине алмастырыўдан алдын “Дүзелиўге қарай 10 қәдем” сүрени астында социаллық бейимлестириўдиң барлық илажлары қайта көрип шығылды.
Бақлаў астындағы шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде аймақлық бәнтликке көмеклесиў бөлимлери менен биргеликте “Жумысқа мәрҳамат” мийнет ярмаркалары өткерилип, белгили бир кәсип-өнерге ийе болмаған шахслар аймақлық “Моноорай”ларда (айдаўшылық, қурылыс, саўда-сатық, турмыслық хызмет көрсетиў, абаданластырыў ҳәм басқа да тараўлар бойынша) кәсипке оқытылыўы менен бирге, иелеген қәнигелигине бола турақлы жумыс пенен тәмийинленбекте.
Жазаны орынлаў мәкемелеринен толық азат етилген шахсларға исбилерменлик, архитектура, өнерментшилик жумысы менен шуғылланыўы ушын “Дәслепки социаллық-материаллық жәрдем пакети” ажыратыў илажлары көрилмекте.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлери менен өз-ара бирге ислесиўде қадағалаўда турған ўақтынша жумыссыз шахслар “Жумыс излеп атырған шахс” сыпатында дизимге алынбақта.
Пробация қадағалаўы астында турған социаллық жағдайы аўыр, жәрдемге мүтәж шахслар “Арнаўлы дәптер”лерге дизимге киргизиледи. Оларға Өзбекстан Республикасы шахс гүўалығы – ID карта рәсмийлестирилиўинде жәрдем бериледи. Сондай-ақ, пенсия ҳәм напақа алыўы ушын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде әмелий жәрдем бериледи.
Бақлаўдағы шахсларда анықланған түрли кеселликлер бойынша медицина мәкемелеринде емлениў курсын өтеўи ушын бағдарлаў ҳәм материаллық жәрдем алыўы ушын жәрдемлесиў бойынша да әҳмийетли илажлар белгилеп алынды.
2025-жыл даўамында пробация қадағалаўында турған шахслар менен алып барылған әмелий жумыслар, социаллық ҳәм психологиялық жәрдемлер нәтийжесинде қайта жынаятлар саны 4 процентке азайыўына ерисилди.
Қарарға бола, мәҳәллелерде жүз берген социаллық-турмыслық түрдеги жынаятлардың себеплери ҳәм келтирип шығарған факторлар сын көзқарастан додаланып барылмақта.
Жынаятлар жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде бул шахслардың турмыс тәризин мониторинг етип барыў, мәҳәллелерде жергиликли ҳәкимлердиң басшылығында “Социаллық профилактика ҳәптелиги”н өткериў әмелияты жолға қойылады.
Бақлаў астындағы шахсларды нызамға бойсыныў, ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жумысларды буннан былай да күшейтиў мақсетинде аймақлық жынаят ислери бойынша судлар менен биргеликте “Көшпели суд” илажлары өткерилмекте. Суд процесслеринде дүзелиў жолына өткен, белгиленген қадаған етиў (шеклеў) ҳәм миннетлемелерди ҳүжданлы орынлап киятырған шахсларды жазаны өтеўден мүддетинен алдын босатыў, жазаны өтеўден қастан бас тартып киятырған шахслардың өтелмей қалған жаза мүддетин аўырлаў жаза түри менен алмастырыў илажлары көриледи.
Қарар криминоген жағдайы аўыр ҳәм қурамалы мәҳәллелерде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм қайтадан жынаятлар ислеўдиң қатаң алдын алыўда әҳмийетли қолланба болып хызмет етпекте.
Норгул Абдураимова, ӨзА