«ACQUIN» халықаралық аккредитация ҳәм сапаны тәмийинлеў агентлиги ўәкиллери ҚМУда

12

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине бир қатар тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин халықаралық критериялар тийкарында баҳалаў ҳәм аккредитациядан өткериў мақсетинде Германияның «ACQUIN» халықаралық аккредитация ҳәм сапаны тәмийинлеў агентлиги ўәкиллери келип, бул бағдарда үйрениў жумысларын алып бармақта.

Бул процессте агентликтиң тәжирийбели экспертлери – Шарлотта Прогес, Мартин Борг, Майкл Майер ҳәм Дана Алина университетте оқыў процесслери, билимлендириў сапасы, оқыў режелери, профессор-оқытыўшылардың потенциалы, материаллық-техникалық база, ишки сапаны тәмийинлеў системасы және билимлендириў процесиниң халықаралық стандартларға муўапықлығын үйрениў жумыслары менен шуғылланбақта.

Хызмет сапары шеңберинде «ACQUIN» ўәкиллери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Б.Жоллыбеков пенен ушырасып, қызғын ҳәм конструктивлик сәўбет өткерди. Ушырасыў даўамында университетте алып барылып атырған билимлендириў реформалары, халықаралық бирге ислесиў байланыслары, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған системалы жумыслар, сондай-ақ, халықаралық аккредитацияның әҳмийети ҳәм келешектеги режелер додаланды.

Ректор Б.Жоллыбеков мийманларға университетте билимлендириў процесин заман талапларына бейимлестириў, оқыў бағдарламаларын халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, студентлер ушын бәсекиге шыдамлы билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди. Сондай-ақ, «ACQUIN»  сыяқлы абырайлы халықаралық аккредитация агентлиги менен бирге ислесиў университет ушын әҳмийетли басқыш екени атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық экспертлер университетте бар болған заманагөй оқыў лабораторияларының материаллық-техникалық базасы, олардың билимлендириў процесиндеги орны, лаборатория сабақларының шөлкемлестирилиўи, қәўипсизлик талаплары ҳәм әмелий сабақлардың оқыў режелери менен үйлесимлилиги мәселелерин толық үйренип шықты.

Үйрениўлер даўамында лабораторияларда пайдаланылып атырған әсбап-үскенелер, технологиялар ҳәм олардың жаңаланыў жағдайына айрықша итибар қаратылды. Экспертлер лабораторияларда алып барылып атырған әмелий сабақлар студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеў, кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ҳәм заманагөй мийнет базарының талапларына сәйкес қәнигелер таярлаўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Соның менен бирге, лабораториялық сабақларда студентлердиң белсендилиги, профессор-оқытыўшылардың әмелий тәжирийбеси ҳәм инновациялық көзқараслар да көзден өткерилди.

Көзден өткериў процесинде «ACQUIN» ўәкиллерине лабораториялардың жумысы, олардың билимлендириў бағдарламаларындағы рольи, халықаралық стандартларға муўапықлығы ҳәм келешектеги раўажланыў режелери ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы