Чип XXI әсир қуралына айланып атыр ма?

Жәҳән геосиясатында ярым өткизгишлер әпиўайы технология емес, ал миллий қәўипсизлик ҳәм глобаллық тәсир қуралына айланған бир ўақытта АҚШ ҳәм Тайвань арасындағы жаңа саўда келисим тарийхый әҳмийетке ийе. Вашингтон ҳәм Тайпей қол қойған келисим тек ғана миллиардлап долларлық инвестиция емес, ал Қытайды ашық-айдын қәўетерге салатуғын стратегиялық қәдемди де билдиреди.
Белгили бир шәртнамаға бола, Тайваньның дүньядағы ең ири чип ислеп шығарыўшылары, соның ишинде, TSMC АҚШта өндирис қуўатлылығын кеңейткен жағдайда, ярым өткизгиш ҳәм үскенелер импортында жеңиллетилген тарифке ийе болады. Айырым өнимлер улыўма бажыдан азат етиледи, улыўма экспорт тарифи болса 20 проценттен 15 процентке түсириледи. Бул АҚШтың технология тараўындағы көп жыллық ғәрезлилигин азайтыў жолындағы исенимли қәдем болып есапланады.
Тайвань компаниялары АҚШ экономикасына 250 миллиард доллар инвестиция киргизеди. Бул қаржы ярым өткизгиш, жасалма интеллект ҳәм энергетика тараўларына қаратылады. Қосымша түрде, және 250 миллиард доллар муғдарында кредит кепиллиги де усынылады. АҚШ саўда министри Ховард Латник Тайвань чип шынжырының кеминде 40 проценти Америкаға көширилиўи керек екенлигин айтып шықты.

Бул баслама Вашингтон ушын экономикалық келисимнен де кеңирек мәселе. Компьютер чипи бүгин жасалма интеллекттен баслап заманагөй қурал-жараққа шекем, барлық тараўлардың тийкары болып есапланады. Бундай өнимлердиң тийкарғы бөлеги Қытай даўагерлик етип атырған атаў – Тайваньда ислеп шығарылып атырғаны АҚШты стратегиялық жақтан қәўетерге салып келген. Ҳәзирги келисим мине усы қәўетерге жуўап ретинде қабыл етилмекте.
Әлбетте, бул процесс ҚХР дың итибарынан шетте қалмайды. Пекин Тайваньды өз аймағы деп есаплайды ҳәм АҚШ ҳәм Тайвань жақынласыўын мәмлекеттиң ишки исине араласыў сыпатында көреди. Соған қарамастан, Вашингтон өз позициясын жасырмай атыр: Тайвань менен экономикалық ҳәм технологиялық байланыслылық региондағы тәсирди сақлап қалыў қуралы сыпатында баҳаланбақта.
Демек, бул жойбарды әмелге асырыў Тайвань ушын да аңсат емес. Өндиристи АҚШқа көшириў үлкен ғәрежет талап етиўи менен бирге, жумисши күши жетиспеўшилиги ҳәм ишки сиясий қәўип пенен де байланыслы. Қалаберди, атаў аймағында экономиканың ҳәлсиреў қәўпи де жоқ емес.
АҚШ-Тайвань келисимлери чип базарындағы әпиўайы саўда шәртнамасы емес. Бул XXI әсирде технология, қәўипсизлик ҳәм геосиясат қаншелли тығыз байланысып кеткениниң айқын көриниси болып есапланады. Себеби, ярым өткизгишлер ушын гүрес келешек ушын гүреске айланбақта.
Мусулмон Зиё, ӨзА