Белсенди жаслар ертеңги келешимиздиң тийкары

25

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларында оқып атырған белсенди студент-жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда республикамыз басшысы соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниқ Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен қабыл еткен арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары, сол тийкарда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар, турмысымызға кеңнен енгизилип атырған реформалар ҳаққында кең түрде айтып берди. Соның ишинде, бул жумыслардың айқын дәлийли сыпатында әмелге асырылған унамлы ислер көрсетип өтилип, бүгинги күни даўам етип атырған жумыслар, сондай-ақ, алдағы ислениўи тийис ири жойбарларды атап өтти.

Ҳақыйқатында да соны айрықша айтып өтиўимиз керек, соңғы ўақытлары Қарақалпақстанда шын мәнисинде ири тарийхый ўақыялар ҳәм жаңаланыўлыр жүз берди. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан халқы ҳәм исбилерменлери ушын алдын болмаған жеңилликлер, көплеген имканиятлар жаратып берилди.

Өткерилген ушырасыўда мине усындай ийгиликли илажлар кең түрде сөз етилди.

Буннан соң, республикамыз басшысы жаслар менен жақыннан пикирлесип, студентлердиң усыныс ҳәм пикирлерин тыңлады ҳәм ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, көпшиликке үлги болып атырған бир қатар жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги